Бажыхана уйымларына хызметке қабыллаў ушын таңлаў басланды

Бажыхана комитети тәрепинен аймақлық басқармалар қурамындағы бажыхана постларында инспектор ҳәм киши инспектор лаўазымларына хызметке қабыллаў бойынша жәрияланған таңлаў сынақлары басланды.
Қарақалпақстан Республикасының өзинде бул таңлаўға 600 ге шамалас талабан ҳүжжет тапсырды. Бүгин олар дәслепки тест сынақларын тапсырмақта.


Таңлаў басқышлары даўамында талабанлар психологиялық үйрениў, физикалық таярлық ҳәм медициналық тексериўден өтеди. Жуўмағында болса Бажыхана комитетиниң басшылары менен сәўбетлесиў процеси болып өтеди.
Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 27-апрельдеги ПП-122-санлы пәрманына муўапық, бажыхана уйымларына қабыллаў процесслери ашық-айдын мәлимлеме системасы арқалы әмелге асырылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги