Қарақалпақ тили байрамына арнап ғалабалық диктант илажы өткерилди

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Қарақалпақстан Республикасы «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы нызамының қабыл етилгениниң 36 жыллығына бағышланған ғалабалық диктант илажы шөлкемлестирилди.
Илажда институттың барлық факультетлеринен студент-жаслар, профессор-оқытыўшылар, тьюторлар, педагог ҳәм қәниге хызметкерлер – улыўма 300 ге шамалас қатнасыўшы белгиленген ўақыт даўамында текстти қарақалпақ тилиниң имла қағыйдаларына сәйкес түрде жазыўға ҳәрекет етти. Диктант процесинде қатнасыўшылар ушын қарақалпақ тилиниң жәмийеттеги орны ҳаққында жазылған текст сайлап алынды.
Ғалабалық диктантты өткериўден баслы мақсет институт жәмәәти, соның ишинде, жаслар арасында қарақалпақ тилине ҳүрмет сезимин күшейтиў, саўатлылық мәденияты ҳәм қарақалпақ тилиниң абырайын еле де арттырыўдан ибарат болды.
Ғалабалық диктант жуўмақлары бойынша жеңимпаз болған ҳәм белсене қатнасқан жаслар шөлкемлестириўшилер тәрепинен тил байрамы кешесинде салтанатлы түрде сыйлықланады.
Илаж қарақалпақ тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы дәрежеси, тарийхый әҳмийети ҳәм бүгинги күнде оның қолланыў шеңберин кеңейтиў бағдарындағы жумысларды үгит-нәсиятлаўға хызмет етти.





Жаслар арасында қарақалпақ тилине болған ҳүрметти еле де беккемлеўге бағдарланған бундай ағартыўшылық илажлары алдағы ўақытларда да даўам етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги