Мийнет мигрантлары ушын қандай жаңа имканиятлар жаратылды?

2025-жыл 12-ноябрьде күшке кирген “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам менен мийнет мигрантлары ушын жаңа имканиятлар жаратылды. Бул қандай имканиятлар?

Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң баслығы Алишер Аъзамхўжаев бул ҳаққында айтып берди:
– Айтып өтиў керек, мийнет мигрантларының саны 2,1 миллион адам болып, соннан 70 процентин ер адамлар, 30 процентин ҳаял-қызлар, қалғанын жаслар қурайды.
Усы жыл даўамында сырт елдеги 90 мыңға шамалас ўатанласымызға Агентлик ўәкилханалары тәрепинен мәлимлеме-мәсләҳәт, ҳуқықый, социаллық ҳәм материаллық жәрдем хызметлери көрсетилген.
Әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў, тараўда ашық-айдынлық, есап бериў ҳәм қадағалаў механизмлерин беккемлеў, жеке меншик сектордың ролин күшейтиў мақсетинде нызамшылық жетилистирилди.
Усы жерде пуқараларды сырт елге жумысқа жайластырыў жумысы менен шуғылланыўшы жеке меншик бәнтлик агентликлериниң саны 2 есеге көбейип, 33 ке жеткенин атап өтиў керек.
Жеке меншик бәнтлик агентликлериниң санының көбейиўи, өз гезегинде, пуқаралардың ҳуқықлары менен мәплерин исенимли қорғаў, лицензия талаплары менен шәртлерине әмел етилиўин тәмийинлеўде қадағалаўшы уйымның жуўапкершилигин буннан былай да арттырыўды талап етеди.
Сонлықтан, жаңа нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекс жаңа 255-1-статья менен толықтырылды. Оған бола, Миграция агентлиги атынан ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислерди көрип шығыў ҳәм жәрийма салыў түриндеги ҳәкимшилик жаза илажларын қолланыўға Агентлик директоры ҳәм оның орынбасарлары ҳақылы екенлиги белгиленди.
“Жеке меншик бәнтлик агентликлери ҳаққында”ғы нызамға киргизилген қосымшаға муўапық, пуқараларға көрсетилип атырған хызметлер ушын төлемлерди нызамлы тийкарда өндириў белгиленди. Яғный, резервке алынатуғын қаржының ең аз муғдары базалық есаплаў муғдарының 8,5 мыңнан 4 мың есеге шекем төменлетилди.
Шәртнамада тәреплердиң ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм жуўапкершилиги, соның ишинде, жеке меншик бәнтлик агентлиги ҳәм сырт елли жумыс бериўшилердиң шәртнама миннетлемелерин орынламағаны ямаса зәрүр дәрежеде орынламағаны ушын жумыс излеп атырған шахс алдында солидар жуўапкершилигин белгилеў, резерв қаржыларын коммерциялық банклерге жайластырыўдан алынатуғын процент дәраматларын жеке меншик бәнтлик агентликлери тәрепинен еркин түрде басқарылыўына байланыслы нызамлы тийкарлар белгиленди.
Жеке меншик бәнтлик агентлигине хызметлер көрсетиў ҳаққындағы шәртнамаларды Миграция агентлигиниң «Xorijda ish» мийнет миграциясы электрон программалық комплексинде реал ўақыт режиминде дизимнен өткериў миннетлемеси жүкленди.
Миграция қоры қаржыларынан пайдаланыўдың тийкарғы бағдарлары белгиленди. Қәрежетлерди қаржыландырыў механизмлерине анықлық киргизилди.
Нызам менен сырт елде ўақтынша мийнет етиўди әмелге асырыў тилегинде болған пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў кепиллиги күшейтилди. Миграция хызметлерин санластырыў арқалы тараўда саламат бәсеки орталығы жаратылады.
ӨзА