Радиочастота арқалы ислейтуғын қурылмалар руқсатнамасыз алып кирилмейди

“Қарақалпақстан” темир жол шегара бажыхана постында “Бейнеў-Нөкис” жөнелисиндеги жолаўшы поездының 11-санлы вагонында жолаўшы сыпатында киятырған пуқараның қол жүгиниң ишинде бажыхана қадағалаўына усынбаған 10 дана «BAOFENG» атлы радио байланыс қуралларын ҳеш қандай ҳүжжетлерсиз Қазақстан Республикасынан алып киятырғанлығы анықланды.



Усы жерде бажыхана басқармасы радиочастота спектринен пайдаланыў ҳәм радиоэлектрон қураллар ҳәм жоқары частоталы қурылмаларды тек ғана “Электромагнит сәйкеслесиў орайы” мәмлекетлик унитар кәрханасы тәрепинен берилген рухсатнама тийкарында алып кириўге жол қойылатуғынлығын ескертеди.
Бундай қурылмаларды руқсатнамасыз алып кириў бажыхана нызамшылығына қайшы болып, олар бажыхана уйымлары тәрепинен тоқтатылып, радиочастота арқалы ислейтуғын қурылмаларды сырт елден Өзбекстанға алып кириўде әлбетте руқсатнама талап етиледи.
Ҳәзирги ўақытта анықланған жағдай бойынша сорастырыў жумыслары алып барылмақта.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги