2034-жылда адамлар ҳәптесине еки күн ислейди

Microsoft компаниясының тийкарын салыўшысы Билл Гейтс жақын 10 жыл ишинде мийнет базарында кескин өзгерислер болатуғынын айтты. Оның болжаўы бойынша, 2034-жылға барып адамлар ҳәптесине тек еки күн ислейди.
Гейтстиң сөзлерине бола, келешекте жасалма интеллект ҳәм нейрон тармақлар көплеген кәсиплерди басқарады. Адамлардың күнделикли миннетлемелери азайып, көп жағдайларда толық жумыс ҳәптесине зәрүрлик қалмайды. “ЖИ процесслерди тезлестиреди, анықлықты арттырады ҳәм көп тараўларда инсан мийнетин толықтырады”, – дейди ол.
Билл Гейтс жасалма интеллект жәрдеминде медицина тараўындағы машқалалар, атап айтқанда, шыпакер ҳәм психологлардың жетиспеўшилиги шешилиўи мүмкин екенлигин атап өткен. Сондай-ақ, ол бул технологиялар инсаниятқа дөретиўшилик, билимлендириў ҳәм жеке өмир ушын көбирек ўақыт ажыратыў имканиятын беретуғынын атап өткен.
“Технологиялық раўажланыў адамларды жумыссыз емес, ал еркинрек етеди. Жумыс процесслери автоматластырылған сайын, адамлар өз қызығыўшылықлары ҳәм дөретиўшилик идеялары менен шуғылланыў ушын көбирек ўақыт табады”, – деген Гейтс.
Сондай-ақ, ол келешекте офиске барыў зәрүрлиги азаятуғынын, аралықтан турып ислеў әдеттеги жағдайға айланатуғынын айтқан. Бул болса адамлардың турмыс сапасын ҳәм абаданлығын арттырыўға хызмет етеди.
Аналитиклердиң пикиринше, Гейтстиң бул пикирлери жасалма интеллекттиң жедел раўажланып атырғанын ҳәм мийнет қатнасықларын пүткиллей өзгертиўи мүмкин екенлигин және бир мәрте көрсетпекте.
Мадинабону НАСРИЕВА,
Анвархўжа АҲМЕДОВ,
ӨзАның хабаршылары