Ири кәрханалар өз жумысшылары ушын қурылысшыдан тиккелей турақ жайлар сатып алыўы мүмкин болады

Өзбекстанда турақ жай базары ушын жаңа модель – корпоратив буйыртпа механизми жолға қойылады. Ири кәрханалар өз хызметкерлери ушын турақ жайларды тиккелей сатып алыўы 2026-жылдан баслап мәмлекет тәрепинен хошаметленеди.
Халық турақ жай сатып алыўы усы ўақытқа шекем тийкарынан индивидуал ипотека ҳәм жеке қаржыларға сүйенип келген еди.
Корпоратив буйыртпа болса базар ушын пүткиллей жаңа сегмент болып, өндирис кәрханалары арқалы:
– турақлы ҳәм кепилликли талап қәлиплеседи;
– жумысшылар ушын турақ жайға ийе болыў шәртлери жеңиллестириледи;
– кәрханалар ушын кадрлар турақлылығы күшейеди.
Президент бул әмелиятты қоллап-қуўатлап, 2026-жылдан кәрханалар ушын арнаўлы салық, кредит ҳәм субсидия механизмлери ислеп шығылатуғынын атап өтти. Система пүткил республика бойлап басқышпа-басқыш енгизиледи, -деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги