Жеке мүтәжлик ушын алып кирилетуғын товарлардың бажысыз нормалары қайта көрип шығылады

Әмелде өзиниң әҳмийетин ҳәм актуаллығын жоғалтқан 800 ге шамалас нызамшылық ҳүжжетлери “тәртипке салыў гильотинасы” арқалы бийкар етиледи.
Бул бағдарда усы жыл 25-ноябрь күни Президенттиң “Нызамшылықтағы ҳуқықый бослықларды сапластырыў ҳәм тәртипке салыў жүгин азайтыў ҳаққында”ғы ПП-231-санлы пәрманы қабыл етилди.
Пәрман менен Төмендегилерди нәзерде тутыўшы Исбилерменлик ҳәм басқа тараўлардағы айырым мәжбүрий талапларды қысқартыў, тәртипке салыўды әпиўайыластырыў бойынша “жол картасы” тастыйықланды:
– исбилерменлер ушын финанслық операцияларды «E-aktiv» системасында сәўлелендириў миннетлемесин бийкар етиў;
– көшпес мүлкке болған гиреў ҳуқықын дизимнен өткериўде мәмлекетлик хызмет баҳасын 2 есеге азайтыў;
– жеке мүтәжлик ушын республикаға алып кирилетуғын товарлардың бажысыз алып кириў нормаларын толық қайта көрип шығыў;
– жер участкасына болған ҳуқықты өзине байланыслы болмаған себеплерге бола дизимнен өткермеген майыплығы болған шахсларға альтернатив ҳүжжетлер тийкарында салық жеңилликлеринен пайдаланыў имканиятын жаратыў, – деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги