Қатарда билимлендириўдеги тийкарғы бағдарлар додаланды

Ҳәзирги күнлерде Өзбекстан Республикасы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Эзоза Каримова басшылығындағы делегация Қатар мәмлекети пайтахты Доха қаласында болып тур.
Сапар етиў шеңберинде делегация ўәкиллери “WISE 12 global” саммитинде қатнасты.

Бул абырайлы халықаралық илажда халықаралық шөлкемлер ҳәм ҳүкимет ўәкиллери, бир қатар мәмлекетлердиң билимлендириў министрлери ҳәм елшиханаларының басшылары қатнасты.
Саммит даўамында қатнасыўшылар тәрепинен әҳмийетли мәселелер додаланды. Инсан қәдириятларын үстин қойған билимлендириў, жасалма интеллект ҳәм технологиялар шараятында инсан билимлендириў моделлери, инновацияларды әмелиятқа енгизиў, инклюзивлик, бейимлесиўшеңлик ҳәм жасларға имканиятлар жаратыў сыяқлы темалар солардың қатарына киреди.

Сондай-ақ, илаж шеңберинде билимлендириў тараўы жуўапкерлериниң қатнасыўында дөгерек сәўбети де болып өтти. Онда инсан капиталын раўажландырыўда билимлендириў системасының роли, санлы қатнаслар ҳәм инновациялық шешимлердиң әҳмийети, халықаралық бирге ислесиўди күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Сапар етиў даўамында өз-ара пайдалы ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер де болып өтти. Оларда билимлендириў тараўында бирге ислесиўди кеңейтиў, педагоглардың маманлығын арттырыў, экология ҳәм климат бойынша билимлендириў басламалары, халықаралық алмасыў бағдарламаларын раўажландырыў, оқыўшылардың дүньяға көзқарасын кеңейтиў ушын олардың алмасыў бағдарламаларын ислеп шығыў мәселелери додаланды.
Н.Усмонова, ӨзА