Жеке тәртипте оқытылатуғын оқыўшыларға сабақ бергенлиги ушын жол компенсациясы төленеди

55

Ҳүкимет қарары (740-санлы, 24.11.2025 ж.) менен Министрлер Кабинетиниң айырым қарарларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди. Бул ҳаққында “Ҳуқуқий ахборот” Телеграм-каналы мәлим етти.

Онда айтылыўынша, үйде жеке тәртипте оқытылатуғын оқыўшыларды, соның ишинде, 1 қатар жастағы ҳәм 1 мәнзилдеги 2 ҳәм оннан артық оқыўшыларды оқытқаны ушын мектеп муғаллимлерине БЕМның 1 есеси муғдарында айлық жол компенсациясы төленеди.

Компенсация мектептен усы оқыўшының жасаў орнына шекем кеминде 1,5 км болғанда ҳәм оқыўшыға бириктирилген бир неше муғаллимлерге компенсация олардың ҳәр айда әмелде өткеретуғын оқыў саатларының үлесинен келип шығып, үйде оқып атырғанлардың оқыў режесиндеги оқыў саатларының муғдарына пропорционал төлениўи белгиленген.

Сондай-ақ, мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң тәрбияшысы ҳәм медицина мийирбийкелери ўақтынша жумыста болмаған дәўирде олардың ўазыйпасын орынлаў ушын ишки буйрықлар орынбасарлық тийкарында рәсмийлестириледи.

Бунда орынланған жумыс ушын 100 процент муғдарында (басқа лаўазымлар ушын 50 процент муғдарында) мийнет ҳақы төленеди.

Бул жағдайда орынбасарлық тийкарында жумыс алып барған хызметкердиң жәми жумыс жүклемеси 1,5 ставкадан артық болыўына жол қойылмайды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги