Халықаралық ислам финансы стандартларына муўапық жаңа түрдеги банк хызметлери енгизилиўи мүмкин

Мәмлекетимизди социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, соның ишинде, халықтың турмыс абаданлығын арттырыў, банк, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм спортты және басқа да тараўларды раўажландырыўға қаратылған кең көлемли жумыслар алып барылмақта.
Соның менен бирге, финанслық хызметлер қамтып алыўын кеңейтиў ҳәм халықаралық ислам финансы стандартларына муўапық жаңа түрдеги банк хызметлерин енгизиў менен бир қатарда әмелге асырылып атырған илажлардың өз ўақтында қаржыландырылыўын тәмийинлеў ҳәм қосымша қәрежетлер дереклерин анықлаў зәрүрлиги жүзеге келген.

Сенаттың Бюджет ҳәм экономикалық мәселелер комитетиниң мәжилисинде бул ҳаққында сөз болды.
Мәжилисте көрип шығылған “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине Өзбекстанда ислам банк жумысын енгизиўге қаратылған қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам менен ислам банк жумысын әмелге асырыў ҳуқықын беретуғын лицензия арқалы банклер ислам қаржыландырыўына байланыслы хызметлер көрсетиўи мүмкин екенлиги белгиленбекте.
Буннан тысқары, 2025-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққындағы нызамға билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм спортты раўажландырыў, “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасы шеңбериндеги илажларды қаржыландырыў ҳәм басқа да бир қатар илажлар ушын қосымша қаржылар ажыратылыўын нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.

Министрлер Кабинетиниң резерв қорының көлеми, Мәмлекетлик бюджеттен мәмлекетлик мақсетли қорларға ажыратылатуғын трансфертлердиң муғдарлары да өзгертилмекте.
Комитет ағзалары нызамлардың қабыл етилиўи мәмлекетимизде ислам банк хызметлерин басқышпа-басқыш енгизиў, жасырын экономика үлесин азайтыў және Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары бюджетлери қаржыларының мақсетли және нәтийжели жумсалыўын тәмийинлеўге хызмет ететуғынын айрықша атап өтти.
ӨзА