Басым ҳәм зорлыққа қарсы гүресиўде жаңа имканиятлар (+видео)

64

Өзбекстанда ҳаял-қызларға болған күш көрсетиў ҳәм зорлыққа шек қойыў, оларды қорғаў ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар күннен-күнге күшеймекте.

Мәмлекет тәрепинен социаллық қорғаў системасын жетилистириў, турмыслық зорлыққа ушыраған ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм оларды реабилитациялаўға қаратылған комплексли илажлар жолға қойылған.

– Кейинги жылларда күш көрсетиў ҳәм зорлыққа қарсы гүресиў тараўында бир қатар әҳмийетли нызамлар қабыл етилди, – дейди Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң бас қәнигеси Зулфия Абдурасулова. – Соның менен бирге, санлы хызметлер жолға қойылды ҳәм “Инсан” социаллық хызметлер орайлары және арнаўлы реабилитация орайлары системасы қәлиплестирилди. Бул орайлар арқалы ҳаял-қызлар қорғаў ордерлерин алыў ҳәм қәўипсиз жерге орналасыў имканиятына ийе болмақта.

Күш көрсетиў ҳәм зорлықтан жәбирленген ҳаяллар ҳәм олардың ержетпеген перзентлери қыстаўлы қабыллаў бөлимлери жанындағы Бирлемши жәрдем ханаларына мүрәжат етиўи мүмкин. Ол жерде оларға тез медициналық жәрдем көрсетиледи ҳәм психолог, ҳуқықтаныўшы ҳәм социаллық хызметкер тәрепинен 3 күн даўамында тийисли жәрдем бериледи. Зәрүр болса, жәбирлениўшилер Ҳаял-қызларды реабилитациялаў ҳәм бейимлестириў орайына жибериледи.

Күш көрсетиў ямаса зорлық жағдайы ҳаққында “Инсан” социаллық хызметлер орайлары ямаса мәҳәлледеги социаллық хызметкер, ишки ислер уйымларының 102 номерине ямаса профилактика инспекторлары, “112” бирден-бир диспетчерлик хызмети, 1146 қысқа санлы “исеним телефоны”на мүрәжат етиўи мүмкин.

Мүрәжат еткеннен соң бир сутка ишинде профилактика инспекторы зорлық ислеген шахс пенен сәўбет өткереди. Социаллық хызметкер жәбирлениўшиниң жағдайын баҳалайды. Зәрүр болса қорғаў ордери рәсмийлестириледи ҳәм жәбирлениўши қәўипсиз орынға жайластырылады.

“Инсан” орайлары ҳәм Ҳаял-қызларды реабилитациялаў ҳәм бейимлестириў республикалық орайы тәрепинен ҳаял-қызлар ҳәм олардың балаларына социаллық хызметлер көрсетиледи. Жаңа электрон модуль арқалы қорғаў ордерлери ҳәм жәбирлениўши мағлыўматлары реал ўақытта орайларға жеткериледи. Бул жәрдемди тез ҳәм нәтийжели шөлкемлестириў имканиятын береди.

Бир сөз бенен айтқанда, ҳаял-қызлардың қәўипсизлиги – жәмийеттиң турақлылығы ҳәм келешек әўлад ушын үлкен әҳмийетке ийе.

  ӨзА