Декрет пулын бериў бойынша жаңа тәртип: қандай жеңилликлер нәзерде тутылмақта? (+видео)

67

Өзбекстанда ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасын төлеў бойынша жаңа тәртип енгизилди. Бул система тиккелей жеке меншик секторда ислейтуғын ҳаял-қызлар ушын да жеңиллик береди.

Тап усы темада Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң бас қәнигеси Дилшодхон Муҳамеджонова менен сәўбетлестик.

– Жаңа тәртипке бола, ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасы кимлерге төленеди?

– Кейинги еки жылда халықты социаллық қорғаў бойынша жаңа система енгизип, адамларды кәмбағаллықтан шығарыў бойынша анық нәтийжелерге ериспектемиз. Соның ишинде, кәмбағаллық дәрежеси өткен дәўирде дерлик 2,5 есеге (6 миллионнан 2,6 миллионға), напақа алыўшылар саны 3 есеге (2,1 миллион шаңарақтан 700 мыңға) қысқарды. Тек ғана өткен жылы басланған “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасы арқалы 237 мың шаңарақ кәмбағаллықтан шығарылды.

Бирақ, енди ғана аяққа турған халықтың қайтадан кәмбағаллыққа түсип қалыў қәўпи менен гүресиў ушын ҳәзирше жетерли тийкар жарата алғанымыз жоқ. Мәселен, ҳәр жылы жеке меншик секторда ислеп атырған 355 мыңға шамалас пуқаралар кесел болып, жумысқа шықпаған ўақтында дәраматсыз қалмақта.

Буннан тысқары, 150 мыңнан аслам ҳаялларға декрет дем алысында болыў ўақтында напақа төленбей атыр. Соның өзинде жумыс ислейтуғын ҳаял-қызлар арасында кәмбағаллыққа түскенлердиң үлеси 12,5 процентти қураған. Бул машқалаларды сапластырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 3-ноябрьдеги “Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў бойынша төлемлерди тайынлаў ҳәм төлеў системасын жетилистириўге байланыслы илажлар ҳаққында”ғы пәрманы қабыл етилди. Усы пәрманға тийкарланып 2026-жылдан баслап социаллық қамсызландырыўдың жаңа системасы енгизилмекте. Жаңа системаны енгизиўден тийкарғы үш мақсет гөзленген.

Бириншиси, жеке секторда ислейтуғын хызметкерлерди аўыр турмыслық (кеселлик, ҳәмиледарлық) жағдайларда дәраматсыз қалыўы ҳәм кәмбағал болыўының алдын алыў. Усы ўақытқа шекем, бул төлемлер жумыс бериўшилерге жүкленгени себепли барлық хызметкерлер де бул напақаларды ала алмаған. Әмелде исбилерменлик субъектлери тәрепинен 64 процент жағдайда мийнетке жарамсызлық ҳәм 76 процент жағдайда декретлик напақа төлеп берилмеген. Мысал ушын, 2024-жылы 166 мың (18 процент) декрет қағазлары ашылған болып, соннан бюджет шөлкемлеринде ислейтуғын 118 мың ҳаял-қызға (100 процент) декретлик напақасы толық төленген, жеке меншик секторда ислеген тек ғана 15,3 мыңына (32 процент) декретлик напақасы қаплап берилген.

Халықаралық мийнет шөлкеминиң “Социаллық тәмийнаттың минимал нормалары ҳаққында”ғы 102-санлы ҳәм “Аналықты қорғаў ҳаққында”ғы 183-санлы Конвенцияларына муўапық декрет ҳәм емлеўхана напақалары жумыс бериўшилерге жүкленбеўи ҳәм социаллық қамсызландырыў механизмлери арқалы төлениўи белгиленген.

Екиншиси, исбилерменлерге жүкленген социаллық төлемлер жүгин азайтыў. Статистикалық есабатларға бола, 3 мыңнан аслам кәрхана тәрепинен 1 триллион сумлық ҳәмиледарлық ҳәм туўыў және ўақтынша мийнетке жарамсызлық напақалары төленген. Жаңа системаның енгизилиўи нәтийжесинде исбилерменлер өз қаржыларын бизнести раўажландырыўға инвестициялаўы мүмкин.

Ҳәмиледарлық ҳәм туўыў және ўақтынша мийнетке жарамсызлық напақалары хызметкерлердиң рәсмий бәнтлик арқалы қосқан үлесине қарап есапланады ҳәм тайынланады. Онда бул напақалардың муғдары пуқараның қамсызландырыў стажына пропорционал түрде белгиленеди. Фонд тәрепинен 2023-жыл 1-январьдан жеке меншик сектордағы ҳаял-қызларға декретлик напақаның минимал муғдары (минимал тутыныў қәрежетиниң 4 есеси ямаса 2,7 млн. сум) қапланбақта.

Орташа мийнет ҳақыдан келип шығып (5,2 млн. сум) декретлик напақа 20,7 млн. сумды қураса, оның 13 проценти (2,7 млн) Қор есабынан қапланып, қалған 87 проценти (18 млн) исбилерменниң мойнында қалмақта. Бюджеттен қаплап берилип атырған декретлик напақаның муғдары (2,7 млн. сум) аз болғанлығы себепли исбилерменлер ушын бул система тартымлы емес.

Енди Президентимиздиң 2025-жыл 3-ноябрьдеги ПП-206-санлы пәрманына тийкарланып рәсмий бәнт болған шахсларға декрет ҳәм мийнетке жарамсызлық төлемлерин пуқаралардың мүрәжаты талап етилмеген ҳалда (проактив түрде) Социаллық қамсызландырыў қоры арқалы басқышпа-басқыш төлеў нәзерде тутылмақта. Онда, Қор тәрепинен 2026-жыл 1-январьдан баслап ҳаял-қызларға декретлик напақа төленеди. Халықаралық мийнет шөлкемине ағза 187 мәмлекеттиң 170 инде социаллық қамсызландырыў системасы енгизилген болып, соннан 140ында декретлик пенсия қамтып алынған. 2026-жыл 1-апрельден баслап шахсларға емлеўхана напақасы төленеди.

2030-жыл 1-январьдан баслап болса жумыстан босатыў напақасын төлеў бойынша усыныслар киргизиледи.

Сондай-ақ, декрет ҳәм мийнетке жарамсызлық напақаларын хызметкерлердиң рәсмий бәнтлик арқалы қосқан үлесине қарап есаплаў ҳәм тайынлаў. Онда бул напақалардың муғдары пуқараның жумыс (қамсызландырыў) стажына сәйкес түрде белгиленеди.

Халықты қамсызландырыў Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў қоры тәрепинен төмендеги тәртипте әмелге асырылады. Мәжбүрий тийкарда – мийнет шәртнамасы бойынша бәнт хызметкерлер, ықтыярый тийкарда – жеке тәртиптеги исбилерменлер, өзин-өзи бәнт еткен, дийқан хожалығында ҳәм қыйтақ жерде ислеўшилер, сырт елде жалланып ислейтуғын пуқаралар.

Бул Социаллық қорғаў миллий агентлигине жүкленген. Ҳәзирги ўақытта системаның ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде напақаларды санлы түрде тайынлаў бойынша Агентликтиң мәлимлеме системасында “Социаллық қамсызландырыў” модули ислеп шығылмақта. Соны итибарға алыў керек, пуқаралардың мүрәжаты талап етилмеген жағдайда мийнетке жарамсызлық бети рәсмийлестирилиўи менен автомат тайынланатуғын система жолға қойылады.

– Ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасын алыў тәртиби қандай?

– Ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасын алыў ушын ҳаялдың рәсмий жумыс орны болыўы ҳәм жумыс бериўши менен мийнет шәртнамасы рәсмийлестирилген болыўы шәрт. Сондай-ақ, мийнетке жарамсызлық (декрет) бети медициналық мәкеме тәрепинен рәсмий түрде берилген болыўы зәрүр.

– Жеке меншик секторда ислеп атырған ҳаял-қызлар напақаны қандай тәртипте алады?

– 2026-жылдан баслап жеке меншик секторда ислейтуғын ҳаял-қызларға напақа Социаллық қамсызландырыў қоры тәрепинен проактив түрде төленеди. Яғный, ҳаял бөлек арза тапсырмайды – декрет бети электрон тәризде рәсмийлестирилиўи менен төлем автомат түрде тайынланады.

– Мийнетке жарамсызлық бети бойынша напақалар қандай әҳмийетке ийе?

– Мийнетке жарамсызлық напақасы хызметкер кеселлик ямаса жарақат себепли жумысқа шыға алмаған күнлерде дәраматсыз қалмаўы ушын төленеди. Бул напақа 2026-жыл 1-апрельден баслап рәсмий жумыс ислейтуғынлардың барлығына қор тәрепинен қаплап бериледи.

– Жаңа социаллық қамсызландырыў системасында напақа төлеми қандай механизм арқалы әмелге асырылады?

– Система толық санластырылады. Медицина мәкемелеринен келген мағлыўматлар Социаллық қамсызландырыў мәлимлеме системасына түседи ҳәм хызметкердиң қамсызландырыў стажы, мийнет ҳақы ҳәм жумыс дәўири тийкарында напақа есапланады. Төлем тиккелей хызметкердиң картасына өткериледи.

– Ҳәмиледарлық ҳәм туўыў дем алысы неше күн даўам етеди ҳәм оның төлеми қалай есапланады?

– Декрет дем алысы улыўма есапта 126 күн (70 күнге шекем – туўыўдан алдын, 56 күн – туўыўдан кейин). Напақа муғдары хызметкердиң соңғы 12 айлық рәсмий мийнет ҳақы бойынша орташа күнлик дәраматына қарап есапланады. Қамсызландырыў стажы артқан сайын төлем муғдары да жоқары болады.

– Жаңа тәртип жеке меншик секторда ислейтуғын ҳаял-қызлар ушын қаншелли пайдалы?

– Хабарыңыз бар, алдын жеке меншик секторда ислеп атырған ҳаял-қызлардың 70-75 процентине декретлик напақа улыўма төленбейтуғын еди. Жаңа системада болса төлем жумыс бериўши мойнынан алып тасланады. Енди мәмлекет тәрепинен кепилленген ҳалда әмелге асырылады. Бул ҳаял-қызларды дәраматсыз қалыўдан қорғайды.

– Напақа алыў процесинде жумыс бериўши ҳәм социаллық қамсызландырыў қорының роли қандай?

– Жумыс бериўши хызметкердиң рәсмий бәнтлиги ҳәм мийнет ҳақысы бойынша мағлыўматларды системаға киргизеди. Қор напақаны есаплайды, тастыйықлайды ҳәм төлемди әмелге асырады. Яғный, төлемлер мәмлекетлик система арқалы жүргизиледи, жумыс бериўшиге финанслық жүк қалмайды.

-Қандай жағдайларда напақа муғдары 100 процентке жақынласыўы мүмкин?

– Егер хызметкердиң қамсызландырыў стажы узақ болса (мәселен, 10 жыл ҳәм оннан артық) ҳәм айлық рәсмий дәраматы толық көрсетилген болса, напақа муғдары оның орташа айлық мийнет ҳақысының дерлик 100 процентине шамалас муғдарда тайынланыўы мүмкин.

– Енди үй бийкелерине де декрет пулы бериле ме?

– Аўа, егер үй бийкеси ықтыярлы социаллық қамсызландырыўға жалғанса ҳәм ҳәр ай белгиленген қамсызландырыў төлемин төлеп барса, ол да рәсмий ислейтуғынлар менен бирдей шараятта декрет пулын алыўы мүмкин. Бул 2026-жылдан енгизиледи.

Шаҳноза Маматуропова,

Дониёр ЁҚУБОВ (видео), ӨзА