Нөкис қаласында жаңадан “Күндизги күтим” хызмети жолға қойылды

55

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Майыплығы болған балаларға социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарары менен, Нөкис қаласындағы «Қутлы қоныс» мәкан пуқаралар жыйынында жайласқан «Арзыў» мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде Президент жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен “Күндизги күтим” хызмети жолға қойылды.

Жаңадан ашылған бул топарға Басқарма жанында шөлкемлестирилген Психологиялық-медициналық-педагогикалық комиссия тексериўинен өткерилген майыплығы болған 7 бала қамтып алынды.

Бул “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасының орынланыўын тәмийинлеў, социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў көлемин кеңейтиў арқалы шаңарақлардың жумыс ислеў имканиятын шеклеўши факторларды сапластырыў, сондай-ақ, майыплығы болған балалардың шаңарақ қарамағында қалыўын тәмийинлеў мақсетинде жаңа система тийкарында әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги