Жәрдемге мүтәж шаңарақлардың жылытыў мәўсими қәрежетлери қаплап берилди

67

Республикамызда гүзги-қысқы мәўсимде халықтың жәрдемге мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў жумыслары жедел әмелге асырылмақта.

Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 2-апрельдеги “Жанылғы-энергетика тараўында базар механизмлерин енгизиўде жәрдемге мүтәж халықты мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында”ғы қарарына муўапық, 2025-2026-жылғы жылытыў мәўсиминде жәрдемге мүтәж шаңарақларға материаллық жәрдем пуллары толық жеткерип берилди.

Усы материаллық жәрдемди алып, кирип келген гүзги-қысқы мәўсимниң қыраўлы күнлеринен кеўли тыныш таўған ҳәм миннетдар болған мыңлаған халық арасында 6 перзенттиң анасы Гүлмира Аймағанбетова да бар.

– Өткен жылы коммуналлық төлемлерди төлеўге қыйналдық, – дейди Тақыятас районындағы «Айдын жол» мәҳәллеси турғыны Г.Аймағанбетова. – Быйыл берилген 1 миллион сумлық жәрдем шаңарағымыз ушын үлкен сүйениш болды. Президентимизге ҳәм усы ийгиликли илажда хызмет етип атырған бәршеге миннетдаршылық билдиремен.

Процессте “Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри” мәлимлеме системасына киргизилген шаңарақлар, сондай-ақ, дизимге киргизилмеген, бирақ материаллық жағдайы бойынша кем тәмийинленген, шаңарақ ағзаларының жан басына туўра келетуғын дәраматы минимал тутыныў қәрежетлериниң 1,5 есесинен артпайтуғын шаңарақларға 1 миллион сумнан бир мәртелик материаллық жәрдем ажыратылды. Қарақалпақстан Республикасы бойынша 85 мыңға шамалас шаңарақ дизимге алынған болып, оларға материаллық жәрдем тайынлаў ушын 84 миллиард 900 миллион сумнан аслам қаржы қаратылды. Мағлыўмат ушын, өткен жылы 74 мыңнан аслам шаңарақтың ҳәр бирине 270 мың сумнан 20 миллиард сумға шамалас материаллық жәрдем берилген еди.

Социаллық қорғаў миллий агентлиги тәрепинен банк пластик картасы бар халыққа усы жылдың 30-октябрь күни төлемлер толық өткерип берилген болса, пластик картасы болмаған шаңарақларға нақ пуллар «көшпели кассалар» жәрдеминде жеткерип берилди. Бунда арнаўлы мәлимлеме конвертлери таярланып, оларда жәрдем пулын бериў тәртиби, энергияны үнемлеў бойынша усыныслар ҳәм қарар тийкарындағы мағлыўматлар жайласқан. Мәҳәллелерге бириктирилген социаллық хызметкерлер бул конвертлерди үйме-үй жүрип халыққа жеткерип берди. Бул материаллық жәрдем пуллары халық ушын қыстың суўық күнлеринде ысытыў қәрежетлерин қаплаўға мөлшерленген.

– Бул бизиң шаңарағымыз ушын да үлкен жәрдем болды, – дейди усы мәҳәллениң және бир пуқарасы I топар майыбы Халмурат Атакеев. – Алынған пулларды электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ ушын төлемлерге сарыплаўды режелестирдик. Бундай итибар ҳәм ғамхорлық ушын миннетдармыз.

Арзаларды қабыл етиў процеси октябрь айында жуўмақланған болып, халықтың мүрәжатларын қабыллаў ушын агентлик жанында 11-40 Call орайының хызмети жолға қойылды. Ҳәзирги ўақытта болса жәрдем белгиленген шаңарақларға төлемлерди жеткериў жумыслары толық жуўмақланған.

– «Айдын жол» мәҳәллеси бойынша жәми 253 мүтәж шаңараққа жәрдем көрсетилди, – дейди “Айдын жол” маҳалласи ижтимоий ходими Шынаргүл Артықбаева. – Соннан 73 и «Мәҳәлле жетилиги»ниң қарары тийкарында дизимге киргизилди. Тийкарғы итибар ҳақыйқатында да мүтәж ҳәм қыйын аҳўалдағы шаңарақларға қаратылды.

Сондай-ақ, усындай шаңарақлар ушын электр ҳәм тәбийғый газды базалық нормадан артық пайдаланғанда компенсацияны жыл даўамында төлеп бериў системасы енгизилип, өткен жылы тек ғана ноябрь-февраль айлары ушын әмел ететуғын еди.  Бул система толық санластырылып, бир мәрте берилген арза менен 2027-жылдың 1-апрелине шекем компенсация төлениўи белгиленди. Өткен дәўир ишинде усындай 114 мың 816 арза көрип шығылып, 23 мың 131 шаңарақтың базалық нормадан артық пайдаланылған газ ҳәм электр энергиясы ушын 1 миллиард 107 миллион сумнан аслам компенсация төлеп берилди. Өткен жылғы көрсеткишке салыстырғанда бул жәрдемнен 6 мыңға көбирек шаңарақ пайдаланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги