Кәмбағаллықты қысқартыў бойынша унамлы нәтийжелерге ерисилмекте

73

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси өз жумысын баслады. Онда мәмлекетимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысына байланыслы бир қатар мәселелердиң көрип шығылыўы нәзерде тутылған.

Дәслеп усы жыл 19-ноябрь күни Президенттиң басшылығында болып өткен кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарындағы жумыслардың жуўмағы ҳәм келеси жыл ушын тийкарғы ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилисинде белгилеп берилген ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Нызамшылық палатасының Спикери Н.Исмоилов елимизде кәмбағаллықты қысқартыў, бәнтликти тәмийинлеў, мүтәж халық ўәкиллериниң мәплерин қорғаў бағдарында бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылып атырғанын атап өтти.

Видеоселектор мәжилисинде усы жылдың басынан берли жумыссызлық 4,9 процентке түскени, биринши мәрте 1 мың 435 мәҳәлле кәмбағаллықтан жырақ аймаққа айланғаны айрықша атап өтилди. Бар имканиятлар талланды. Келешектеги ўазыйпалар белгилеп берилди.

Бул бағдарда сиясий партиялардың фракциялары өз илажлар режелерин додалап, ўазыйпаларды белгилеп алғаны атап өтилди.

ӨзА