Маҳдуми Әъзам зыярат орны және де абат болады

Президентимиз Ақдәрья районының Даҳбед қалашасында жайласқан Махдуми Әъзам комплексинде әмелге асырылып атырған реконструкция жумыслары менен танысты.
Мәмлекетимиз басшысы усы жылдың март айында Самарқанд ўәлаятына сапары ўақтында Маҳдуми Әъзам зыярат орнын абат етиўге байланыслы жойбар менен танысқан еди.

Ҳаслы ҳәзирги Касансай районында туўылған суфий алым нақшбандия тәлийматының басшыларынан бири болған. Жас ўақытларында Ферғанадағы медреседе саўат арттырып, Самарқандта Хожа Аҳрар Валийдиң шәкирти мәўлана Муҳаммед Қазый қолында пир дәрежесине жетеди. Кейин ала өзи тариқат илимине байланыслы 30 дан аслам шығарма жазған, көплеген шәкиртлер жетистирген.

Бул инсанға илим жолындағы хызметлери ушын Махдуми Әъзам атағы бериледи. Илим ҳәм дин жолындағы узақ сапарынан соң Самарқанд ўәлаятында жерленген.

Самарқанд ҳүкимдары болған Ялангтош Баҳодир Маҳдуми Әъзам қәбириниң үстинде мавзолей қурдырған, бул жерде ири мешит, илим тәрепдарлары ушын медресе де қурдырған. Ол қайтыс болғаннан соң өзиниң ўәсиятына бола, усы жерге жерленген. Улыўма, зыярат орнында 50 ден аслам қәбир тас сақланған болып, көпшилиги кимниң ҳүрметине қойылғаны анықланған. Бул жерде көплеген уламалар қатарында еки Аўғанстан ҳүкимдары (Шаҳ Ҳидаят ибн Шаҳ Қасим (1668-жыл), Шаҳ Саодат ибн Шаҳ Ҳидаят) та жерленген.
Ойшыл жерленген зыярат орнында жойбар шеңберинде кең көлемли реконструкция жумыслары әмелге асырылмақта.

Маҳдуми Әъзам зыярат етиў орнының улыўма майданы дерлик 5 гектарды қурайды. Бул жерге келиўши зыяратшылар да көп. Оларға шараятларды жақсылаў мақсетинде Маҳдуми Әъзам мавзолейи жанында үш қабатлы заманагөй автомобиль турыў орны, кириў дәрўазасы, ҳәм ҳәкимшилик имаратлар, таҳаратхана, мың адамлық мешит ҳәм қосымша әйўанлар қурылмақта.
Оңлаў жумысларынан соң бир ўақыттың өзинде 35 мың зыяратшыны қабыллаў имканияты жаратылады. Алдынлары 5 мың зыяратшы қабыл етилген.

Сондай-ақ, аймақта зыяратшыларға қосымша қолайлық жаратыў мақсетинде абаданластырыў жумыслары алып барылып, 40 тан аслам саўда ҳәм сервис объектлери шөлкемлестириледи.
Ойшылдың руўхы еске алынып, Қуран оқылды. Президент зыярат орнында терек екти.

Зыярат етиў орнын буннан былай да абаданластырыў, бағда әсирлерге татыйтуғын тереклер жаратып, зыяратшылар ушын қолайлықлар жаратыў бойынша тапсырмалар берилди.
ӨзА