Имам Бухарий комплекси – халқымыз ағартыўшылығы, дөретиўшилик потенциалының үлгиси

117

Президент Шавкат Мирзиёев социаллық-экономикалық реформалардың процесслери менен танысыў ҳәм келешектеги ўазыйпаларды белсендилердиң қатнасыўында белгилеп алыў ушын 25-ноябрь күни Самарқанд ўәлаятына келди.

Мәмлекетимиз басшысы Самарқандқа сапарын дәстүрге бола, Имам Бухарий мавзолейин зыярат етиўден баслады. Қуран оқылып, пәтия етилди.

Президентимиздиң басламасы менен бул комплекс уллы муҳаддис бабамыздың ислам дүньясында тутқан жоқары абырайына, үлкен потенциалына мүнәсип тәризде қайтадан қурылды. Улыўма майданы 45 гектарды қурайтуғын аймақта үлкен мақбара, 10 мың адамлық мешит ҳәм ҳәкимшилик имараты, музей, кириў ҳәм шығыў әйўанлары қурылды. Зыярат етиў орнының төрт мүйешиндеги 75 метрлик минаралар оған саўлат бағышлаған.

Бул жер тек зыярат етиў емес, илим-ағартыўшылық, тәрбия ҳәм ибрат орайы болыўы, Имам Бухарийдиң уллы изленислери, билими ҳәм жетиклиги зыяратшылар, әсиресе, жаслар ушын жақсы үлги болыўы керек екенлиги итибарға алынып, комплексте инновациялық музей шөлкемлестирилди. Ол ислам дүньясында муҳаддислер султаны деп тән алынған Имам Бухарийдиң өмирин ҳәм илимий мийрасын, ислам ағартыўшылығының раўажланыўына қосқан үлесин көрсетеди.

Комплекс алдын бир күнде 12 мың зыяратшыға хызмет көрсеткен болса, ҳәзир 65 мың мийманға халықаралық стандартларға сәйкес хызмет көрсетиў имканияты жаратылған.

Буннан тысқары, аймақта Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайы ҳәм Ҳәдис илими мектеби жайласқан.

Зыярат етиў орны әтирапында 570 миллиард қаржы жумсалып, мийманханалар ҳәм саўда-сервис орынлары шөлкемлестирилди. Онда 1 төрт жулдызлы, 2 үш жулдызлы ҳәм 22 шаңарақлық мийман үйи қурылған. Бул объектлер толық коммуникация тармақлары менен тәмийинленип, аймағы абаданластырылған. 2026-жылға шекем аймақта көклемзарластырыў жумысларын әмелге асырыў ҳәм автомобильлер туратуғын орынларды шөлкемлестириў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы Имам Бухарий зыярат етиў орны халқымыздың бай руўхый мийрасы ҳәм дөретиўшилик потенциалының айқын үлгиси болғанын атап өтип, комплексте ҳәзирги ўақытта алып барылып атырған соңғы абаданластырыў жумысларын сапалы ҳәм өз ўақтында орынлаў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.

                                                                                         ӨзА