Тереклерди суўғарыў мақсетинде ишимлик суўынан пайдаланыў ўақтына қойылған шеклеў бәҳәр ҳәм жаз мәўсимлеринде бийкар етиледи

Усы жылдың 24-ноябрь сәнесинде қабыл етилген “Ташкент қаласында экологиялық жағдайды жақсылаў бойынша кешиктирип болмайтуғын илажлар ҳаққында”ғы Президент пәрманына бола, арнаўлы комиссия Ташкент қаласында қурылыс ушын ажыратылған 500 м2 ҳәм оннан артық майданларда төмендеги талаплар тийкарында комплексли тексериўди әмелге асырады:
– улыўма майданының 25 проценти көклемзарластырылғаны;
– суў бүркиўшилер орнатылғаны;
– кириў-шығыў жолларында автотранспортлар дөңгелеклерин жуўыў бассейнлериниң қурылғаны.
– қурылыс материаллары ҳәм турмыслық шығындыларды тасыўда транспортлардың брезент ямаса ПВХ қапламалы материаллардан таярланған тент пенен жабылған ҳалда ҳәрекетлениўи.
Сондай-ақ, майданы 1 000 квадрат метрден артық болған қурылыс участкаларында фон мониторинг станцияларын орнатыў ҳәм оны Экология комитетине интеграциялаў қурылысты даўам еттириўдиң ең тийкарғы шәрти етип белгиленеди.
Шахслар өзлери ийелик етип турған жер майданы аймағындағы тереклерди суўғарыў мақсетинде ишимлик суўынан пайдаланыў ўақтына қойылған шеклеў (саат 00:00 ден баслап, 05-00 ге шекем) бәҳәр ҳәм жаз мәўсимлеринде бийкар етиледи. Онда ишимлик суўынан басқа мақсетлерде пайдаланыў бойынша шеклеў өз күшинде қалады. Көп квартиралы турақ жайларға суўғарыў ушын суў резервуарларын орнатыў илажлары көриледи.
Пәрманға бола, атмосфера ҳаўасының ПМ 2,5 бөлекшелери менен патасланыў дереклерин анықлаў ушын Атмосфера ҳаўасын терең үйрениўге қаратылған арнаўлы лаборатория шөлкемлестириледи.
2026-жыл бәҳәр ҳәм гүз мәўсимлеринде Ташкент қаласының 33 км. узынлықтағы киши айланба жолы бойлап “Жасыл коридор” жойбары әмелге асырылады.
2026-жыл 1-апрельге шекем “Жасыл Ташкент” мастер режеси ислеп шығылады.
Ташкент қаласының барлық районларында “жасыл”лық дәрежеси төмен болған 3 еўден узынлығы 5 км ден кем болмаған көшелерди таңлап алыў арқалы “Саялы сейил көшеси” шөлкемлестириледи.
Сондай-ақ, исбилерменлер ҳәм пуқаралар тәрепинен турмыслық ҳаўа тазалаў үскенелери (ТИФ ТН код 8509 80) Өзбекстан аймағына алып кирилгенде бажыхана бажысынан азат етиледи.
М.Қосимова, ӨзА