Салыққа байланыслы келиспеўшиликлерди судқа шекем шешиў: Эксперт кеңесиниң имканиятлары қандай, абзаллықлары неде?

59

Өзбекстанда исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаўға қаратылған реформалар избе-из даўам етпекте. Атап айтқанда, салық қатнасықларында пайда болатуғын келиспеўшиликлерди судқа шекем шешиўди жетилистириў, исбилерменлердиң ўақыт ҳәм қаржы қәрежетлерин қысқартыў, мәмлекетлик уйымлар менен қарым-қатнаста ашық-айдынлықты тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылған. Усы мақсетте Саўда-санаат палатасы жанында Салыққа байланыслы келиспеўшиликлер бойынша Эксперт кеңеси шөлкемлестирилди.

Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Бизнес орталығын таллаў ҳәм эксперт кеңеслери менен ислесиў басқармасының баслығы Адилхўжа Набиев усы Кеңестиң жумысы нелерден ибарат екенлиги ҳаққында толық мағлыўмат берди:

– Эксперт кеңеси исбилерменлик субъектлери ҳәм салық уйымлары арасында жүзеге келип атырған келиспеўшиликлерди судқа шекем шешиў системасын жетилистириў мақсетинде шөлкемлестирилген болып, 2024-жыл 20-август күни мәмлекетимиз басшысының исбилерменлер менен өткерген төртинши ашықтан-ашық сөйлесиўинде усы институтты енгизиў басламасы алға қойылған еди. 2025-жылдың 11-июльиндеги Президенттиң тийисли қарары менен Салыққа байланыслы келиспеўшиликлер бойынша эксперт кеңесиниң қурамы белгиленди. 2025-жыл 24-октябрьдеги Министрлер Кабинетиниң 672-санлы қарары менен Кеңес жумысын тәртипке салыўшы реже тастыйықланды. Онда Кеңестиң ўазыйпалары, функциялары, ҳуқықлары ҳәм жумыс регламенты белгиленген.

Кеңес юридикалық шахс статусына ийе болмаған, турақлы жумыс алып баратуғын коллегиаллық уйым болып, экономика, ҳуқық, аудит ҳәм бизнес тараўларындағы 12 маман қәнигеден ибарат.

Кеңес қурамына министрликлер ҳәм комитетлердиң басшылары, бизнес жәмийетшилигиниң ўәкиллери, салық мәсләҳәтшилери ҳәм аудит компанияларының басшылары киргизилген. Саўда-санаат палатасы басқармасының баслығы Кеңес хаткери есапланады.

Эксперт кеңесиниң жумыс процеси 6 басқышта әмелге асырылады. Яғный, исбилермен ямаса салық уйымы Режеде белгиленген түрде мүрәжат усынады. Мүрәжат 5 жумыс күнинде үйрениледи ҳәм күн тәртибине киргизиледи ямаса тийкарлы түрде бийкар етиледи. Күн тәртиби жойбары 7 жумыс күнинде қәлиплестирилип, Кеңес баслығына усынылады. Мәжилислер айына кеминде еки мәрте өткерилип, тараў экспертлери тартылады. Жуўмақ 3 жумыс күнинде мүрәжат етиўши ҳәм мәпдар тәреплерге жибериледи. Ўәкилликли уйым болса жуўмақты 3 жумыс күнинде мәжбүрий тәртипте көрип шығады.

Судлар ҳәм басқа да институтлар бар болып турып, жаңа структура – Эксперт кеңесине не мүтәжлик болған еди, деген сораў туўылыўы мүмкин. Буннан тийкарғы мақсет салыққа байланыслы келиспеўшиликлерди шешиў ушын жумсалатуғын ўақыт ҳәм қәрежетлерди азайтыў болып табылады. Ҳәкимшилик судларда келиспеўшиликлер әдетте 1-2 ай даўамында көрип шығылады ҳәм мәмлекетлик бажы төленеди. Салық комитетиниң структураларында болса келиспеўшиликлер 15 күннен 1 айға шекем көрип шығылады.

Эксперт кеңесине мүрәжат етиўдиң абзаллықларына тоқтап өтетуғын болсақ, финанслық қәрежетлер жоқ.

Пүткил процесс 15 күнге шекем қысқартылған, жуўмақ ўәкилликли уйымларда 3 күн ишинде мәжбүрий көрип шығылады. Сондай-ақ, додалаўларға экономика, қаржы, ҳуқық ҳәм бизнес тараўындағы маман экспертлер тартылады ҳәм олар даўыс бериў ҳуқықына ийе.

Кеңес салық уйымларының исбилерменге байланыслы қабыл етилген қарарлары бойынша келип түскен мүрәжатларды көрип шығады. Әмелиятта келиспеўшиликлер көбинесе салық аудити ҳәм көшпели тексериўлер нәтийжесинде есапланған қосымша салықлар ҳәм жәриймалар менен байланыслы жағдайларда жүзеге келмекте.

Әмелдеги тәртипке бола, төменги буўын уйымларының қарарларынан шағымды жоқары турыўшы салық уйымы көрип шығады. Эксперт кеңеси болса Салық комитети тәрепинен қабыл етилген қарарлар бойынша исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығады.

Жуўмақлап айтқанда, бул структура салық қатнасықларында жүзеге келип атырған өзине тән мәселелерди тараў қәнигелериниң қатнасыўында додалаў арқалы исбилерменлердиң мәплерин нәтийжели қорғаўға хызмет етеди.

ӨзА