Умида қола медалын жеңип алды

32

Кеше Бухара қаласындағы “Универсал” спорт сарайында ересеклер арасында дзюдо бойынша Өзбекстан чемпионаты басланды.

Чемпионатқа елимиздиң барлық аймақларынан ең күшли спортшылар қатнасып, дәслепки күни ерлер -60, -66, ҳаял-қызлар -48, -52 ҳәм -57 кг салмақ категорияларында өз-ара беллести.

Солар арасында қарақалпақстанлы палўанлар да қатнасып, 52 кг салмақта Умида Жуманиязова сыйлы үшинши орынды ийелеўге миясар болды.

Жарыс бүгин де даўам етпекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы