Мәҳәлле абат болса, ел абат болады

Бозатаў районында “Абат шаңарақ”, “Абат көше” ҳәм “Абат мәҳәлле” таңлаўының районлық басқышы өткерилди.
Таңлаўда райондағы мәҳәлле баслықлары, көше бийлери ҳәм абат шаңарақ ийелери қатнасып, өз аймақларында әмелге асырылып атырған абаданластырыў жумыслары, үлгили шаңарақ ҳәм көшелер бойынша өзлериниң ис-тәжирийбелерин слайдлар арқалы төрешилер комиссиясына әмелий түрде көрсетип ҳәм түсиндирип берди.
– Бундай таңлаўдың шөлкемлестирилиўи районымыз турғынлары ушын үлкен мотивация болды, – дейди Өзбекстан Республикасы Мәҳәллелер аўқамы Бозатаў районлық бөлиминиң баслығы Қуралбай Қайыпов. – Себеби, халқымыз таңлаўда мүнәсип түрде қатнасыў ушын ҳәрекет етип, өзлериниң үй алды қыйтақ жерлерин көклемзарластырыў, әтирап аймақты абаданластырыў ислерине айрықша итибар қаратпақта. Бүгинги өткерилген таңлаў буның айқын дәлийли болды деп айта аламыз.
Өткерилген таңлаў жуўмағында, “Абат мәҳәлле” номинациясы бойынша Көк-суў аўыл пуқаралар жыйыны, “Абат көше” номинациясы бойынша Еркиндәрья аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы “Сары оймаўыт” көшеси ҳәм “Абат шаңарақ” номинациясы бойынша Бозатаў посёлкалық пуқаралар жыйыны турғыны Р.Исмамутовтың шаңарағы жеңимпаз деп табылып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Сондай-ақ, жеңимпазлар таңлаўдың Қарақалпақстан Республикасы басқышына жолламаны да қолға киргизди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы