Президент Администрациясы басшысы Ташкенттеги экологиялық жағдай бойынша мәжилис өткерди

67

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы Саида Мирзиёева Администрация ҳәм тийисли уйымлардың басшылығы қатнасыўында Ташкент қаласындағы экологиялық жағдайды жақсылаў бойынша кешиктирип болмайтуғын илажлар бойынша мәжилис өткерди.

Соңғы ўақытларда бақланып атырған ҳаўаның патасланыў дәрежеси терең тәшўиш оятып атырғаны, пайтахт халқын орынлы түрде қәўетерге салып атырғаны, бул жағдай жедел ҳәм муўапықластырылған ҳәрекетлерди талап етип атырғаны атап өтилди.

Администрация басшысы жуўапкерлердиң атмосфера ҳаўасының ҳәзирги жағдайы, пуқаралардан келип түсип атырған мүрәжатлар, жәмийетшиликтиң усыныс ҳәм басламалары ҳаққындағы есабатларын тыңлады. Ҳәзирги жағдайға тәсир көрсетип атырған тийкарғы факторлар, адамлардың денсаўлығы ҳәм экологияға унамсыз тәсирди азайтыў жоллары ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

Мәжилисте белгиленген нормалар бузылған жағдайларда ҳаўаны патасландырып атырған өндирис орынларына қарсы қатаң илажлар көриў зәрүрлиги айрықша атап өтилди. Адамлардың саламатлығы ҳаққында сөз болғанда, маўасаға орын жоқ екенлиги ҳәм бул принцип мәмлекет ушын да, бизнес ушын да бирдей әмел етиўи керек екенлиги атап өтилди.

Саида Шавкатовна усы күнлерде оператив тәртипте ислеп шығылған эксперт жуўмақларына тийкарланып, жақын, орта ҳәм узақ мүддетли перспективаға мөлшерленген, оператив илажлардан баслап, келешекте бундай жағдайлардың қайталаныўының алдын алыўға қаратылған системалы шешимлерге шекем қамтып алған комплексли усынысларды алға қойды.

Атап айтқанда, Президент Администрациясы басшысы тәрепинен экологиялық қадағалаўды күшейтиў, патасландырыўшы объектлердиң жумысын шеклеў, қурылысқа қойылатуғын талапларды қатаң сақлаў, қаланы кең көлемде көклемзарластырыў ҳәм ҳаўа сапасын қадағалаўдың заманагөй системасын жаратыў бойынша илажлар белгиленди.

Бул илажлар жақын арада мәмлекетимиз басшысына көрип шығыў ушын усынылатуғын Өзбекстан Республикасы Президенти Пәрманының жойбары ушын тийкар болып хызмет етеди.

ӨзА