ЖООлар өз студентлерине материаллық жәрдем бериўи мүмкин

69

          

Жоқары билимлендириў шөлкемлери өз студентлерин социаллық қорғаў шеңберинде 1 жылда бир студентке мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының 6 есесине шекем материаллық жәрдем көрсетиўи мүмкин болады.

Бул ҳаққында Әдиллик министрлигинде дизимнен өткерилген “Билимлендириў шөлкемлеринде төлемли-контракт түри ҳәм оннан түскен қаржыларды бөлистириў тәртиби ҳаққында”ғы режеге киргизилген өзгерислерде сөз барады.

Оған бола, жоқары билимлендириў шөлкемлеринде контракт тийкарында оқыў ушын төлем төмендеги мүддетлерде әмелге асырылады:

– төлем муғдарының кеминде 25 проценти – абитуриентлер ушын 15-сентябрьге шекем ҳәм жоқары басқыш студентлери ушын 1-октябрьге шекем ямаса жоқары билимлендириў шөлкеми ректоры тәрепинен создырылатуғын мүддетке шекем;

– төлем муғдарының кеминде 50 проценти 1-январьға шекем, 75 проценти 1-мартқа шекем ҳәм 100 проценти 1-майға шекем ямаса жоқары билимлендириў шөлкеми ректоры тәрепинен создырылатуғын мүддетке шекем әмелге асырылады.

Онда, Мәмлекетлик комиссия жоқарыдағы төлем мүддетлерин созыўы мүмкин.

Контракттен түскен қаржылар сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлеринде перспективалы жас педагог ҳәм илимий кадрлардың маманлығын арттырыў ҳәм олардың стажировка өтеўине жумсалады, – деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

 

Қарақалпақстан хабар агентилиги