Ҳүкимет қурылыс шөлкемлерин қатаң ескертти

78

Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети ҳәм Ҳүкимет қарарына муўапық, барлық қурылыс шөлкемлери ҳәм қоршаған орталыққа тәсир көрсетиўши кәрханалар атмосфера ҳаўасын қорғаў талапларына қатаң әмел етиўи шәрт екенлиги қатаң түрде билдирилди.

Қурылыс шөлкемлери шаң ҳәм қумның ҳаўаға көтерилиўине жол қоймаўы, киретуғын  жолларға суў бүркегишлерди орнатыўы, автотранспорт дөңгелеклерин жуўыў ушын арнаўлы шақапша шөлкемлестириўи ҳәм майданларды қорғаў тосықлары менен үскенелеўи мәжбүрий есапланады. Бул талапларға әмел етилмесе, ҳәкимшилик жаза илажлары қолланылыўы ҳәм жумыс 10 жумыс күнине шекем тоқтатылыўы мүмкин.

Соның менен бирге, Президент пәрманы ҳәм Министрлер Кабинетиниң қарарына муўапық, I ҳәм  II категорияға киретуғын кәрханалар 2026-жылға шекем автоматикалық мониторинг станциялары, нәтийжели шаң-газ тазалаў үскенелери ҳәм санитариялық қорғаў зоналарында қадағалаў постларын енгизиўи шәрт. Мәжбүриятлар орынланбаса, компенсация төлемлери 5 есеге арттырылады.

Нызамшылыққа бола, метеорологиялық шараятлар қолайсыз болыўы күтилгенде кәрханалар зыянлы шығындыларды азайтыўы шәрт. Сондай-ақ, 1-декабрьге шекем атмосфераға шығарылып атырған патасландырыўшы элементлер муғдарын 2 есеге қысқартыў талабы қойылды.

Бул талаплар орынланбаған жағдайда, кәрханаларға ҳәкимшилик шаралар, жумысты тоқтатыў ҳәм зәрүр болса жынайый жуўапкершилик қолланылыўы мүмкин.

Ҳүкимет барлық шөлкемлерди экологиялық талапларға сөзсиз әмел етиўге шақырды, – деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги