Трансплантация әмелияты ушын медициналық жуўмақлар бериў тәртиби белгиленди

65

Әдиллик министрлиги Инсан ағзаларын трансплантациялаў ҳаққында реципиентлер ҳәм донорларға медициналық жуўмақлар бериў бойынша режени дизимнен өткерди (дизим номери: 3706, 21.11.2025 ж.).

Усы Режеде реципиент ҳәм донорларды медициналық тексериўлерден өткериў ҳәм трансплантация әмелияты ушын медициналық жуўмақлар бериў тәртиби белгиленди.

Режеге бола, реципиент ҳәм тири донор медицина мәкемелеринде 3 ай ишинде медициналық тексериўлерден өтиўи керек.

Медициналық тексериў жуўмақларына бола, трансплантация әмелиятына руқсат бериў тек ғана Ҳүкиметтиң 2024-жыл 13-июньдағы 333-санлы қарарында көрсетилген мәмлекетлик медицина мәкемелериниң медициналық консилиумы тәрепинен әмелге асырылады.

Медициналық консилиум реципиентке инсан ағзалары ҳәм (ямаса) тоқымалары трансплантациясы әмелиятына мүтәжлиги, донорға болса трансплантация әмелиятына уқыплылығы ҳаққында медициналық жуўмақ береди ямаса бериўди бийкарлайды.

Трансплантация әмелияты инсанның көриў, сөйлеў, еситиў қәбилетиниң жоғалыўы ямаса психиканың бузылыўы, мийнет қәбилетиниң 33 проценттен артық турақлы жоғалыўына себеп болатуғын тәризде зыян жеткериўине алып келетуғын болса реципиент ҳәм донорға медициналық жуўмақ бериў бийкар етиледи.

ӨзА