“Кеше Доҳада Жақын Шығыс ҳәм Арқа Африка регионының жас ҳәм перспективалы дизайнерлерин қоллап-қуўатлаўға қаратылған итибарға ылайық басламаларынан бири болған “Fashion Trust Arabia” (FTA) қорына бардық

Сапар шеңберинде биз FTA платформасының жумысын бақладық ҳәм жойбарлар менен таныстық. Түрлес басламалар арасында “М7” мәденият орайындағы регион ҳәм оның мәдений мийрасына бағышланған “Threads of Impact” көргизбеси айрықша ажыралып турады. Дизайнерлеримиздиң қол мийнети үлгилери ҳәм бийтәкирар миллий липасларын көрсететуғын “Woven Legacies: Uzbekistan’с Living Heritage” көргизбеси шеңберинде Өзбекстан таныстырылып атырғанынан қуўанышлыман.

Сондай-ақ, биз Рем Коолҳаас ҳәм Самир Бантал “Countryside: А Place to Live, Not to Leave” атамасындағы көргизбеге бардық. Оның экспозициясында Өзбекстанның бийбаҳа илимий дәргайы – “Қуяш” институтына айрықша итибар қаратылған» – деп жазды Саида Мирзиёева өз телеграм каналында.
Қарақалпақстан хабар агентлиги