Қыйын жағдайға түскенлер ушын кредит төлеўде жеңилликлер бериледи

Орайлық банк басқармасының 2025-жыл 9-октябрьдеги 25/1-санлы қарары менен банк хызметлери тутыныўшылары менен өз-ара қатнасықларды әмелге асырыўда коммерциялық банклердиң жумысына қойылатуғын минимал талаплар ҳаққындағы режеге тийисли қосымша ҳәм өзгерислер киргизилди.
Оған бола, банклер финанслық қыйыншылықлар, қыйын турмыслық жағдайларға түсип қалған ҳәм де форс-мажор жағдайлары себепли өз ўақтында кредит төлемлерин әмелге асырыўға қыйналып атырған тутыныўшылардың әмелдеги кредитлери бойынша кредит шәртнамасы шәртлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў имканиятлары бағдарындағы арзаларын көрип шығыў тәртибине ийе болыўы ҳәм бул тәртипти банктиң рәсмий веб-сайтында жайластырыўы шәрт.
Бул тәртип кеминде төмендегилерди өз ишине алыўы керек:
– кредит шәртнамасы шәртлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў (рестуктуризация) түрлери (мысалы, кредит төлемлери мүддетин созыў, кредит процент ставкасын қайта көрип шығыў, кредит төлемлерин кешиктириў ушын жәрийма ҳәм пениялар муғдарын азайтыў ҳәм басқалар);
– кредит шәртнамасы шәртлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиўге (рестуктуризциялаўға) тийкар болатуғын финанслық қыйыншылықлар, қурамалы турмыслық жағдайлар ҳәм де форс-мажор жағдайлар дизими;
– тутыныўшының арзаларын қабыл етиў, дизимге алыў тәртиби ҳәмде арзаға қосымша етилетуғын зәрүр ҳүжжетлер дизими;
– тутыныўшының арзаларын көрип шығыў мүддетлери;
– қабыл етилген арзаларды көрип шығыў ҳәм баҳалаў нормалары;
– арза бойынша банк тәрепинен қабыл етилген қарар ҳаққында тутыныўшыға хабар бериў тәртиби ҳәм мүддети;
– арза қанаатландырылған жағдайда, кредит шәртнамасы ҳәм оның қосымшасына қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў тәртиби;
– арзаны қанаатландырыўды бийкарлаў бойынша қарар қабыл етилгенде, бул ҳаққында арза бериўшиге тийкарланған түрде хабар бериў тәртиби.
Онда усы тәртипте ҳәмиледарлық ҳәм туўыў дем алысын алған ҳаял-қызлардың әмелдеги кредитлери бойынша төлемлер мүддетин он айға шекем создырыў ҳаққындағы арзаларын көрип шығыў бойынша қағыйдалар мәжбүрий түрде сәўлелениўи керек, – деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги