Пакистан ҒХҚлары Президент Шавкат Мирзиёевтиң халықаралық басламаларын жоқары баҳаламақта

Пакистанның жетекши ғалаба хабар қураллары Ташкентте болып өткен Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўын кеңнен сәўлелендирди. Соның ишинде, орайлық “Global News Pakistan”, “Daily Spokesman” “Islamabad Post” ҳәм “Pakistan in the World” басылымларының бетлеринде Өзбекстан Президенти жаңа форматтағы регионаллық бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларын көрсетип бергенине айрықша итибар қаратылған.
Мақалаларда мәмлекетимиз жетекшиси Әзербайжан Мәсләҳәт ушырасыўлары форматына толық ҳуқықлы ағза сыпатында қосылғанын қанаатланыўшылық пенен жәриялағаны, бул қарар уқсас тарийх, туўысқанлық байланыслары, руўхый ҳәм мәдений жақынлық пенен тығыз байланысқан халықлардың мәпине толық жуўап беретуғыны атап өтилген.

– Өзбекстан басшысы бул стратегиялық қәдем Мәсләҳәт ушырасыўларына күшли пәт беретуғынына, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиўи, турақлы раўажланыў мәселелери бойынша аўызбиршиликте қарарлар ислеп шығыў ушын жаңа горизонтлар ашыўына исеним билдирди, – деп жазған басылымлар.
– Тийкарында биз Орайлық Азия ҳәм Қубла Кавказ арасында беккем көпир қурып атырмыз, бирге ислесиўдиң бирден-бир мәканын қәлиплестириўге жол ашпақтамыз. Бул еки регионның стратегиялық байланыслылығы ҳәм турақлылығын күшейтиўи сөзсиз, – деп Президент Шавкат Мирзиёевтиң сөзлеринен цитата келтирген Пакистан ҒХҚ.
Президенттиң баянатында регион дүнья экономикасына жедел интеграцияланып атырғаны, инвестициялық тартымлылығы артып атырғаны, үшинши базарларға экспорт имканияты кеңейгени ҳәм транзит потенциалы өсип атырғаны атап өтилген. Өткен жылы регион мәмлекетлери арасындағы саўда баҳасы 10,7 миллиард долларға жетти, Орайлық Азияға киргизилген инвестицияның улыўма муғдары 17 процентке көбейген. Қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, терроризм, экстремизм, трансшегаралық жынаятшылық қәўип-қәтерине қарсы гүресиў бойынша системалы илажлар көрилип атырғанына айрықша итибар берилген.
Пакистан ҒХҚның жазғанындай, Шавкат Мирзиёев “Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан” темир жолы ҳәм Трансаўған транспорт коридорын регионлараралық транспорт байланыслылығының тийкарғы жойбарлары сыпатында атап өтти.

Өзбекстан жетекшиси сөзиниң жуўмағында қабыл етилип атырған ҳүжжетлер ҳәм алға қойылып атырған басламаларда турақлы, қәўипсиз ҳәм абадан Орайлық Азияны қурыўдай улыўма мақсет жәмленгенин атап өткен:
– Айрықша атап өтпекшимен: бизиң күшимиз – бирликте, табысқа қарай жолымыз – дослық ҳәм бирге ислесиўде. Тек аўызбиршиликли болып, өз-ара ҳүрмет, тилеклеслик ҳәм стратегиялық көзқарасларға сүйенип, ийгиликли мақсетлеримизге ерисе аламыз.
Ғ.Хонназаров, ӨзА