Бүлбилзибан таңлаўының жаңа жеңимпазлары анықланды

90

«Даўытбай Қайыпов» атындағы жәмийетлик фонды ҳәм Шымбай районы ҳәкимлигиниң басламасы менен  Шымбай районындағы Мәденият сарайында Қарақалпақстан халық артисти, халқымыздың сүйикли қосықшысы Даўытбай Қайыповтың дөретиўшилигине бағышланған  жас атқарыўшылардың  қатнасыўында XI Бүлбилзибан  атлы республикалық таңлаў болып өтти.

Таңлаўға Д.Қайыпов дөретиўшилигине қызығыўшы ҳәўескер қосықшылар қатнасып, еки күн даўамында өзлерин сахнада сынап көрди. Қосықшылардың атқарыў шеберлиги, сахна мәденияты тәжирийбели төрешилер тәрепинен мүнәсип түрде баҳаланып барылды.

Қызықлы өткен таңлаў жуўмағында, биринши орынды Қанлыкөл районынан Б.Базарбаев жеңип алыўға миясар болды.

Сыйлы екинши ҳәм үшинши орынларды шымбайлы Ы.Бегдуллаев ҳәм Қ.Хожаниязовлар ийелеўге еристи.

– Бул таңлаўға бир неше жыллардан берли қатнасып киятырман, – дейди таңлаў жеңимпазы Б.Базарбаев. – Таңлаўға республикамыздың барлық аймақларынан талантлы жас қосықшылар қатнасты. Мине солар арасында биринши орынды ийелегенимнен оғада қуўанышлыман. Бул мениң ушын үлкен мотивация болды.

Таңлаў соңында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы