Өзбекстан-Франция: суў хожалығы тараўында бир қатар перспективалы жойбарлар әмелге асырылмақта

57

Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министри Шавкат Ҳамроев ҳәм Францияның мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Уалид Фук арасында ушырасыў болып өтти.

Сөйлесиў даўамында тәреплер суў хожалығы тараўындағы бир қатар перспективалы жойбарлар ҳәм стратегиялық шериклик байланысларының үстинлигине итибар қаратты.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан ҳәм Франция арасындағы бирге ислесиў еки мәмлекет басшылары қол қойған декларация тийкарында избе-из раўажланбақта. Соның ишинде, суў хожалығы тараўында да бир қатар перспективалы жойбарлар әмелге асырылмақта. Қарақалпақстандағы “Сүўенли” каналының ирригация системасын қайта қурыў биргеликтеги жойбары олардан бири болып есапланады. Улыўма баҳасы 150 миллион АҚШ долларын қурайтуғын бул баслама Франция раўажланыў агентлиги ҳәм Европа инвестициялық банки тәрепинен қаржыландырылмақта.

Бул жойбар Қарақалпақстан Республикасында суў ресурсларын нәтийжели басқарыў, суўдан пайдаланыў мәдениятын арттырыў, аўыл хожалығы егинлеринен мол ҳәм сапалы зүрәәт алыў, халықтың турмыс дәрежесин жақсылаўда үлкен әҳмийетке ийе.

Министрлик мәлимлеме хызметиниң мәлим етиўинше, сөйлесиў жуўмағында тәреплер суў хожалығын модернизациялаў, жойбарларды әмелге асырыў ҳәм қәнигелер арасында тәжирийбе алмасыў сыяқлы бир қатар мәселелер бойынша бирге ислесиўди беккемлеўге келисип алды.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА