Самарқанд декларациясына қол қойылды

58

Самарқандта өз жумысын баслаған “CITES CoP20” конференциясының стратегиялық тәсирин күшейтиўге қаратылған жоқары дәрежедеги сөйлесиў шеңберинде Өзбекстан Республикасы, Қазақстан Республикасы, Қырғыз Республикасы ҳәм Тәжикстан Республикасы арасында Орайлық Азияда жабайы фауна ҳәм флора ресурсларынан турақлы пайдаланыўды қоллап-қуўатлаў ҳәм жабайы ҳайўанлардың нызамсыз саўдасына қарсы гүресиў бойынша 2026-2032-жылларға мөлшерленген Самарқанд декларациясы ҳәм регионаллық бирге ислесиў режесине қол қойыў мәресими болып өтти.    

Traffic International менен биргеликте ислеп шығылған декларация ҳәм ҳәрекетлер режеси Орайлық Азия мәмлекетлери жасаў орынларының жоғалыўы, климат өзгериўи, браконерлик ҳәм жабайы ҳайўанлардың нызамсыз саўдасы менен байланыслы регионның биокөптүрлилигине барған сайын артып атырған қәўип-қәтерлерди биргеликте шешиўге садықлығын сәўлелендиреди.

Ҳүжжетте миллий қоршаған орталық, бажыхана, ҳуқық қорғаў ҳәм суд уйымлары арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў, жабайы ҳайўанлар менен байланыслы жынаятларға қарсы гүресиў бойынша миллий жумысшы топарларды дүзиў, мәлимлеме алмасыўды жақсылаў ҳәм заманагөй мониторинг технологияларын алға қойыў нәзерде тутылған.

Регионаллық бирге ислесиў әҳмийетли мағлыўматлардың турақлы алмасыўы, биргеликтеги қадағалаў механизмлерин ислеп шығыў, нызамсыз саўдаға қарсы гүресиў ушын регионаллық тармақты жаратыў ҳәм шегара аймақларында муўапықластырылған ҳәрекетлер арқалы беккемленеди. Буннан тысқары, мәмлекетлер жабайы ҳайўанлардың нызамсыз саўдасына қарсы гүресиў, экосистеманы тиклеў, сийрек ушырасатуғын түрлерди қорғаў, қәнигелердиң маманлығын арттырыў, экотуризмди раўажландырыў ҳәм жергиликли жәмийетшиликлердиң тәбиятты қорғаў басламаларында қатнасыўын өз ишине алған ҳәм турақлы экономикалық шешимлерди қоллап-қуўатлайтуғын бирден-бир стратегиялық тийкарды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўға келисип алды.

Самарқанд декларациясының қол қойылыўы Орайлық Азия мәмлекетлери регионның бийбаҳа тәбийғый мийрасын сақлап қалыў, экологиялық турақлылық, социаллық интеграция ҳәм экономикалық раўажланыўдың үйлесимлилигин тәмийинлеў ушын биргеликте ҳәрекет ететуғынын атап өтеди.

ӨзА