Америка-Өзбекстан исбилерменлик ҳәм инвестиция кеңесине Сержио Гор ҳәм Саида Мирзиёева биргеликте басшылық етеди

АҚШтың Ташкенттеги елшиханасының мәлим етиўинше, жаңадан шөлкемлестирилген Америка-Өзбекстан исбилерменлик ҳәм инвестиция кеңесиниң жәрдемши баслығы сыпатында АҚШ тәрепинен Қубла ҳәм Орайлық Азия бойынша Арнаўлы ўәкил, елши Сержио Гор жәрдемши басшылық етеди.
Алдын Өзбекстан тәрепинен Президент Администрациясы басшысы Саида Мирзиёева жәрдемши баслық болатуғыны жәрияланған еди.
“Кеңес АҚШ ҳәм Өзбекстанның инвестиция ҳәм экспорт имканиятларын кеңейтиў, АҚШ технологиялары ҳәм талантлары ушын жоқары раўажланып атырған тараўларды, әсиресе, IT ҳәм санлы инновацияларды жолға қойыў; ҳәм АҚШ экспортшылары ушын тең бәсеки орталығын раўажландырыўға айрықша итибар қаратады,” – делинеди АҚШ елшиханасы хабарында.
Президент Шавкат Мирзиёев қол қойған пәрманда усы Кеңестиң көрип шығыўы ушын киргизилетуғын төмендеги мәселелерди ислеп шығыў тийкарғы есапланатуғыны белгиленген еди:
(а) стратегиялық бизнес басламалары, ири инвестиция ҳәм саўда жойбарларының ислеп шығылыўы ҳәм келисимин муўапықластырыў, сондай-ақ, олардың әмелге асырылыўын турақлы мониторинг етиў;
(b) Өзбекстанға қосымша инвестицияларды тартыў ушын арнаўлы инвестиция фондын жаратыў, ири инвесторлар сыпатында Халықаралық финанслық раўажланыў корпорациясын (DFC) ҳәм Өзбекстан тәрепинен де инвесторларды белгилеў, сондай-ақ, әҳмийетли инфраструктуралық ҳәм стратегиялық жойбарларды қаржыландырыў ҳәм қәўип-қәтерлерди бөлистириў ушын ири финанс институтларын (ЯТБ, ХМК, АДБ) тартыў;
(v) тариф ставкаларын өз ара төменлетиў мәселелери бойинша сөйлесиўлерди даўам еттириў;
(g) Программалық өнимлер ҳәм мәлимлеме технологиялары технологиялық парки (IT -парк) резидентлери болган компаниялар өнимлери ҳәм хызметлерин системалы түрде алға сүриў;
(d) мәмлекеттиң инвестиция портфелин, сониң ишинде, Өзбекстан Республикасы Орайлық банки валюта резервлериниң бир бөлегин ҳәм басқа активлерди диверсификациялаў бойынша усыныслар киргизиў.
ӨзА