Бәсеки комитети улыўма аўқатланыў бойынша хожалық жүргизиўши субъектлерди ескертти

49

Бәсеки комитетине улыўма аўқатланыў кәрханаларының жумысы бойынша тутыныўшылардан көплеген мүрәжатлар келип түспекте. Мүрәжатларда айырым ресторан ҳәм кафелерде аўқатлар баҳасынан тысқары 10-15, гейде 20 процентке шекем хызмет ҳақы қосымша төлем сыпатында өндирилип атырғаны ҳәм алдыннан депозит қаржылар талап етилип атырғаны билдирилген.

Өзбекстан Республикасының “Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында”ғы нызамының 4, 19 ҳәм 21-статьяларына тийкарланып

тутыныўшы товар (жумыс, хызмет) ҳаққында, сондай-ақ, ислеп шығарыўшы (атқарыўшы, сатыўшы) ҳаққында дурыс ҳәм толық мағлыўмат алыў, оларды еркин таңлаў ҳәмде сапалы болыўын талап етиў ҳуқықына ийе. Сондай-ақ, орынлаўшы айырым түрдеги жумысларды орынлаў (хызметлер көрсетиў) қағыйдаларында ямаса шәртнамада белгиленген мүддетте, көлемде ҳәм сапада жумысты орынлаўы (хызмет көрсетиўи) шәрт. Буннан тысқары, сатыўшы (орынлаўшы) тутыныўшыны ҳақы есесине қосымша товарлар сатып алыўға ямаса қосымша хызметлерден пайдаланыўға мәжбүрлеўге, сондай-ақ, көрсетилмеген хызметлер ушын ҳақы алыўға ҳақылы емес.

Жоқарыдағылардан келип шығып, Бәсеки комитети улыўма аўқатланыў тараўындағы хожалық жүргизиўши субъектлерди қосымша хызметлерден пайдаланыўға мәжбүрлеўге жол қоймаў керек екенлиги, яғный улыўма аўқатланыў кәрханаларының түрлеринен келип шығып тутыныўшылардың өзине-өзи хызмет көрсетиў имканиятын жаратыў, аўқатлардың баҳасы, хызмет көрсетиў тәртиби ҳәм олар менен байланыслы шәртлер, соның ишинде, официант хызмети ушын ҳақы муғдары ҳаққындағы мағлыўматлар менен өз ўақтында толық таныстырып өтиў керек екенлиги ҳаққында ескертти.

Комитет хабарында атап өтилиўинше, тутыныўшылар ҳуқықлары бузылғанда Бәсеки комитетиниң 1159 қысқа номери арқалы мүрәжат етиўи мүмкин.

Нигора Раҳмонова, ӨзА