Күлимсиреў артындағы қыянет: Маргарет Тэтчердиң сиясаттағы соңғы күни

1990-жылдың ноябрь таңы Уллы Британия сиясий тарийхындағы ең драмалық сахналардан бирине айланды, деп айтыў мүмкин. 11 жылдан аслам ўақыт даўамында мәмлекетти күшли ерк-ықрары менен басқарған Маргарет Тэтчер – “Темир ханым” көз жасларын зорға тыйып журналистлерге мүрәжат етти. Ханым өзиниң шығып сөйлеген сөзинде мәмлекетти “бирқанша жақсыланған” ҳалда шығып баратырғанын айтты, бирақ жүзиндеги қыйыншылық бул сөзлерди бийкарлап турғандай еди.
Ол өз жумысында жетерли дәрежеде қоллап-қуўатлаў топлай алмағаннан соң, Консерваторлар партиясы басшылығынан кетиўге мәжбүр болған еди. Ашынарлы ҳәм аўыр тәрепи сонда, оған қарсы турған ең кескин күш қарсыласлары емес, ал өз командасы болды.
Тэтчер Бирлескен Патшалықтың биринши ҳаял бас ўәзири болып, үш мәрте избе-из жеңиске ерискен аз санлы сиясатшылардан еди. Ол кәсиплик аўқамларынан баслап ең күшли министрлер менен де мәртлерше гүрести. Соған қарамастан, 1987-жылдағы үшинши жеңистен кейин оның сиясий тәғдири әсте-ақырын өзгерип барды.
Ең үлкен “соққы” дәраматына қарамастан барлық пуқараларға бирдей салық салынатуғын “Poll tax” системасы артынан келди. 1990-жылы мартта Лондон орайында болып өткен жергиликли көтерилислер консерватив депутатларды ләрзеге салды, бирақ Тэтчерди апатшылыққа тартқан ҳақыйқый мәселе – Европа Аўқамы менен қатнасықлар еди.

Тэтчердиң ең мүләйим ҳәм салдамлы шериги Жефри Хаув күтилмегенде оған “ҳүжим” жасады. 1989-жылғы сиясий өзгерислерден кейин Хаув отставкаға шығады. Арадан ўақыт өтип, ол парламентте крикет спорт түрине байланыслы метафора арқалы бас министрдиң Европа бойынша сиясатын масқара етеди.
– Ойын басланыўынан алдын капитан өз командаласларының таяқларын сындырып алғанға уқсайды, – дейди ол өз сөзинде.
Бул жағдай Тэтчерге болған ашықтан-ашық көтерилис еди.
“Темир ханым” менен бурыннан қарама-қарсылықта болған Майкл Хеселтайн жағдайдан пайдаланып, жетекшилик даўасын қояды ҳәм партияда жетекшилик жарысы басланады. Биринши басқышта Тэтчер жеӊиске ериседи, бирақ бул жетерли емес еди, жеӊис исенимли болыўы шәрт еди.
Бас министр өз абырайын күшейтиў орнына Париждеги қандай да бир дипломатиялық илажға барыўы көплеген депутатлар ушын “биз оған енди әҳмийетли емеспиз” деген сигнал болады.

Министрлер оның бас мәкемесине гезекпе-гезек кирип, өз көзқарасларын ашық айтады.
– Егер қәлесеңиз сизди қоллап-қуўатлаймыз, бирақ сиз утыўыңыз мүмкин емес, – деди хызметкерлерден бири қатаң түрде.
“Темир ханымның” ақырында сынған “ноқаты” усы болды. Ол ертеңине кабинет жыйналысында даўысы дирилдеп, лаўазымынан кететуғынын мәлим етти.
1990-жыл 28-ноябрь күни Маргарет Тэтчер “10-Downing-Street” алдында шығып сөйледи. Мәмлекет бас министри сыпатында соңғы мәрте малика менен ушырасты.
Тэтчер бул дүньядан кеткен болса да, бирақ оның сиясий тәсири Патшалық сиясатында еле сезиледи. Ал ханымның өзи ушын сиясий мийрастан да күшлирек болған сезим – бул сатқынлықтың ашшы дәми болды.

Мусылман Зия таярлады,
ӨзА