Социаллық шәртнама шәртлерин орынлаған жаслар хошаметленеди

“Жаслар дәптери” қорлары арқалы социаллық жәрдем көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириў ҳаққында”ғы ПП-222-санлы пәрман менен социаллық шәртнама шәртлери орынланбағанда басқышпа-басқыш тийисли илажлар қолланылыўы белгиленди.
Оған бола:
– социаллық шартнаманың орынланбаған шәртлерин 15 күн ишинде орынлаў ҳаққында ескертиў;
– социаллық жәрдем муғдарларын 15 проценттен 30 процентке шекем азайтыў;
– социаллық жәрдем көрсетиўди 1 айдан 6 айға шекем ўақтынша тоқтатыў;
– социаллық жәрдем көрсетиўди 1 жыл ҳәм оннан артық мүддетке тоқтатыў.
Социаллық шәртнама шәртлерин турақлы түрде кеминде 6 ай даўамында жоқары дәрежеде орынлаған жаслар төмендегише хошаметленеди:
– оған жеңиллетилген түрде гезектен тыс социаллық жәрдем көрсетиледи;
– ең жақсы 1 000 жас ҳәр жылы бир мәрте БЕМниң 3 есеси муғдарында ақшалай сыйлықланады;
– жаслардың интакерлиги ҳәм белсендилигин хошаметлеўге қаратылған сыйлықларға усыныс етиледи.
Мағлыўмат ушын, социаллық шәртнама – кәмбағал шаңарақларға жәрдем илажларының белгили бир миннетлемелерди орынлаў шәрти менен көрсетилиўин нәзерде тутатуғын шәртнама болып есапланады,- деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги