Көшпели қабыллаўлардан халық разы

43

Жәмийетлик турмыста инсанлар жасаў жағдайынан келип шығып көплеген машқалаларға дусласады. Машқалаларды шешиў бағдарындағы исенимли ҳәм нәтийжели жол көшпели қабыллаўлар арқалы әмелге асырылады. Бул бағдарда Мәжбүрий орынлаў бюросының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен үзликсиз илажлар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, усы жылдың өткен дәўиринде районлардың алыс аймақларында жәми 24 көшпели қабыллаў шөлкемлестирилип, өткерилген қабыллаўларда 141 пуқараның мүрәжатлары тыңланды ҳәм олардың машқалалары айрықша қадағалаўға алынып, көрип шығылыўы тәмийинленди.

Усындай көшпели қабыллаўлардың бири усы жылдың 21-ноябрь күни Нөкис районындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы имаратында шөлкемлестирилип, онда 10 нан аслам пуқараның алимент, кредит қарыздарлығы сыяқлы мәселелер бойынша мүрәжатлары тыңланды. Олардың дерлик барлығы орнында шешилип, қалғанларын да нызамлы шешиў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берилди.

Халық пенен сәўбет, олардың тәшўиши менен жасаў ең тийкарғы мақсет болып, оның әмелге асыўы елимиздиң раўажланыўына, және де гүллеп-жаснаўына, пуқаралардың тыныш ҳәм абадан турмыс кешириўин тәмийинлеўге хызмет етип келмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги