Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң бийлиги
Өзбекстан Республикасы Конституциясының отыз үш жыллығын мүнәсип күтип алыў ҳәм жоқары дәрежеде белгилеў, пуқараларды онда белгиленген жақсы қәдириятлар әтирапында бирлестириў, “Конституция – инсан қәдири, еркинлик, теңлик ҳәм әдиллик гиреўи!” деген бас идеяны өзинде жәмлеген руўхый-ағартыўшылық ҳәм басқа да илажларды нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде қарар етемен:
- Төмендегилер:
а) Өзбекстан Республикасы Конституциясы күнине бағышланған байрам илажларына таярлық көриў ҳәм оларды өткериў бағдарламасы (кейинги орынларда – Бағдарлама) 1-қосымшаға муўапық;
б) Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша шөлкемлестириў комитетиниң (кейинги орынларда – Шөлкемлестириў комитети) қурамы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Шөлкемлестириў комитети (А.Арипов):
а) Бағдарламада нәзерде тутылған илажлардың нәтийжели орынланыўын ҳәмде Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни байрамын Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар орайлары ҳәм Ташкент қаласында, сондай-ақ, барлық қала ҳәм районлар, аўыллық орынларда көтериңки руўхта белгилениўин;
б) барлық аймақларда халықтың кең қатламлары арасында Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни байрамына бағышланған руўхый-ағартыўшылық әнжуманлар, ашық пикирлесиў ҳәм сөйлесиўлер, көркем өнер кешелери, фестивальлар, сейиллер, мәденият ҳәм спорт илажларын жоқары дәрежеде өткериў мақсетинде белгили илим ғайраткерлери, мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, кексе ҳәм жас әўлад ўәкиллери, белгили спортшыларды тартқан ҳалда байрам илажларының әмелге асырылыўын тәмийинлесин.
- Орынларда Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни байрамын жаңа Өзбекстанның дөретиўшилик руўхына үнлес тәризде белгилеў мақсетинде төмендеги мәселелерге айрықша итибар қаратылсын:
а) жаңа редакциядағы Конституцияда белгиленген халық ҳәкимиятшылығы, инсан қәдири, еркинлик ҳәм теңлик, социаллық әдиллик ҳәм аўызбиршилик сыяқлы ийгиликли идеялар елимизде әмелге асырылып атырған реформаларда өз көринисин таўып атырғанын көрсетип бериў;
б) жаңа редакциядағы Конституцияның экономикалық, социаллық, мәдений-руўхый турмыстың түрли тараўларында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳәм бул бағдарда ерисилип атырған нәтийжелерди беккемлеўдеги орнын ҳәм ролин сәўлелендириў;
в) “Конституция – инсан қәдири, еркинлик, теңлик ҳәм әдиллик гиреўи!” деген турмыслық сүренниң мазмун-мәнисин ҳәм әҳмийетин, жаңа редакциядағы Конституция тийкарында инсан ҳуқықлары менен еркинликлери тараўында пүткиллей жаңа басқышқа өтилгенлигин ашып бериў;
г) жаңа редакциядағы Конституцияның исбилерменлик ҳәм жеке меншик мүлктиң исенимли қорғалыўын тәмийинлеў, денсаўлықты сақлаў, илим, мәденият, көркем өнер ҳәм спорт тараўларын раўажландырыў бойынша жаңадан-жаңа жетискенликлер ҳәм нәтийжелерге ерисиў ушын беккем тийкар жаратып бергенин кең жәмийетшиликке түсиндириў;
д) нураныйлар, ҳаял-қызлар ҳәм жасларға турақлы итибар ҳәм ғамхорлық көрсетиў, шаңарақ, аналық, балалық ҳәм аталықты қорғаў, гендер теңликти тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған реформалардың әҳмийетин кеңнен үгит-нәсиятлаў;
ж) Конституция байрамы алдынан улыўма орта, орта арнаўлы, профессионал ҳәм жоқары билимлендириў шөлкемлеринде барлық оқыўшы ҳәм студентлерди қамтып алған ҳалда Конституция сабақларын, соның ишинде, белгили ҳуқықтаныўшылар, илимпазлар, суд, әдиллик ҳәм басқа да ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары ҳәм хызметкерлериниң қатнасыўында өткериў.
- Өткерилетуғын байрам илажлары:
а) Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятларда – тийисли жергиликли бюджетлердиң қосымша дереклери, министрликлер ҳәм уйымлардың бюджеттен тысқары қаржылары, нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да қаржылар есабынан;
б) Ташкент қаласында – Шөлкемлестириўши комитет тәрепинен тастыйықланған қәрежетлер сметасына муўапық Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлигиниң резерв қорлары есабынан тең үлеслерде қаржыландырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, “Дунё” мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды кеңнен сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
Усы бийликтиң орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президент Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2025-жыл 21-ноябрь