Ҳаял-қызлардың илимий жумысын қоллап-қуўатлаў мәселелери додаланды

41

Бүгинги күнде аўылда бола ма, қалада бола ма мийнет етиўди қәлеген ҳәр бир ҳаял-қызға имканият бар. Кимдур тигиўшилик-тоқыўшылық пенен шуғылланбақта, кимдур саўда ислемекте, және биреўлер болса кәрхана ҳәм шөлкемлерде өз орнын таппақта.

Ҳаял ислесе, шаңарақта берекет, перзентлер де кең дүньяға көзқарасқа ийе болады, еркектиң де жүги жеңиллеседи.

Усы мақсетте Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигинде Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Зулайҳо Маҳкамова басшылығында ҳаял-қызлардың илимий излениўлерин қоллап-қуўатлаў, заманагөй кәсип-өнерге оқытыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеўге бағышланған мәжилис болып өтти.

Илажда Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қоңыратбай Шарипов, министрлик жуўапкерлери, системалы шөлкемлердиң басшылары қатнасты.

Мәжилисте З.Маҳкамова ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың имканиятларын кеңейтиў ҳәм жаңа басламаларды ҳәр бир мәҳәлле кесиминде анық үйрениў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Оның атап өтиўинше, халық пенен тиккелей сөйлесиў, мәҳәллелерде бар талап ҳәм машқалаларды анықлаў, усы тийкарда мақсетли жойбарларды әмелге асырыў ҳаял-қызлардың турмысында сезилерли унамлы өзгерислер жаратпақта.

Сондай-ақ, ҳаял-қызлардың илимий белсендилигин арттырыў, оларды инновациялық изленислерге тартыў ҳәм заманагөй кәсиплерге оқытыў әҳмийетли ўазыйпа екени атап өтилди. Докторантлар ҳәм жас илимпазларды сырт ел ҳәм жергиликли грантлар, илимий жойбарлар, аймақлық басламаларға тартыў, илимий қолланбаларды аймақлардың әҳмийетли машқалаларын шешиўге бағдарлаў ўазыйпасы қойылды.

Мәжилисте Инновациялық раўажланыў агентлигине илимий изертлеўлерди мәҳәллелер ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелеринде психологиялық орталықты турақластырыўға қаратылған бағдарлар менен байытыў ўазыйпасы тапсырылды. Атап айтқанда, суицид қәўпи, интернет ҳәм мәлимлеме қуралларына ғәрезлилик, шаңарақлық келиспеўшиликлер сыяқлы мәселелер бойынша киши мониторинглер өткериўди жолға қойыў бойынша усыныслар билдирилди.

Кәсиплик билимлендириў агентлигине техникумларда жумыссыз ҳаял-қызларды заманагөй кәсиплер бойынша қысқа мүддетли курсларда оқытыўды шөлкемлестириў ўазыйпасы жүкленди. Соның менен бирге, оқыў бағдарламаларының методикалық тәмийнатын күшейтиў ҳәм питкериўшилердиң бәнтлигин турақлы мониторинг етиў белгилеп берилди.

Мәжилис жуўмағында ҳаял-қызлардың илим, исбилерменлик ҳәм жәмийетлик турмыстағы белсендилигин арттырыў бағдарында барлық зәрүр илажлар системалы ҳәм мақсетли әмелге асырылатуғыны атап өтилди.

Нигора Раҳмонова, ӨзА