Машқалаларды шешиў бойынша «мәҳәлле жетилиги» қандай илажларды әмелге асырмақта?

42

Республикамыз аймағында «мәҳәлле жетилиги» хызметкерлери тәрепинен халықты қыйнап киятырған машқалаларды анықлаў және оны сапластырыў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, усы жылдың 11 айы даўамында мәҳәлле хызметкерлери ҳәм «мәҳәлле жетилиги» тәрепинен жәми 1982 машқала анықланып, соннан 1345 машқала тийисли шөлкемлер менен биргеликте өз шешимин тапқан.

– Атап айтқанда, электр энергиясы менен байланыслы мәселелерден 355, газ тәмийнаты бойынша 115, ишимлик суўына байланыслы 120, ақаба суў менен байланыслы  90, жоллардың насазлығы, оларды оңлаў бойынша 86, социаллық хызметлер ҳәм жәрдем мәселесинде 88, сондай-ақ,  басқа мәселелер бойынша 491 машқала өз шешимин тапты, – дейди  Өзбекстан мәҳәллелер аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының Мәҳәллелерди раўажландырыў, халықтың машқалаларын шешиў ҳәм жәмийетлик қадағалаў бойынша бас қәнигеси Дилнора Баўбекова.

Ҳәзирги ўақытта 637 машқаланы үйрениў жуўапкер шөлкемлердиң режесине киргизилген.

Усындай жумыслардың барысы бойынша жәмийетлик қадағалаў орнатыў мақсетинде усы жылдың 11 айы даўамында пуқаралар жыйынлары тәрепинен  тийисли мәкемелер менен шөлкемлерге 511 аймақлық мәселе бойынша мағлыўматлар  усынылды. Соннан, 209  объектте (саўда орайлары, мектеплер, суў тәмийнаты, турақ жайлар) жәмийетлик қадағалаў орнатылып өз шешимин тапты.


Атап айтқанда, мәмлекетлик уйымлардың ўәкиллигине киретуғын мәселелер нызамшылық талапларына муўапық 302 сораў хаты ҳәм коммуналлық хызметлер көрсетиўдиң нәтийжелилигин жақсылаў бойынша жиберилген 252 мүрәжат хатлары қанаатландырылды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги