Жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелери додаланды

38

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 2025-жыл 19-ноябрь күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде мәҳәллелерде халықтың дәраматларын арттырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, жумыссызлықты азайтыў ҳәм 2026-жыл ушын белгиленген тийкарғы ўазыйпалар ҳәр тәреплеме додаланған еди. Мәжилисте, соның ишинде, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, жоқары билимлендириў мәкемелериниң питкериўшилерин жумысқа жайластырыў ҳәм оларға мүнәсип кәсип-өнер көнликпелерин бериў бойынша анық тапсырмалар берилди.

Усы тапсырмалардан келип шығып, Қоңырат районында Олий Мажлис Сенатының Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитети баслығының орынбасары Орал Атаниязова, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Аманжол Аяповтың басшылығында мәжилис өткерилди.

Онда аймақта жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, студент-жасларды кәсип-өнерге бағдарлаў, оларды мийнет базарларына бейимлестириў ҳәм питкериўшилердиң турақлы жумыс орынларына ийе болыўын тәмийинлеў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды. Атап өтилгениндей, өз ўақтында профессионал көнликпе алған ҳәм мүнәсип жумыс пенен тәмийинленген жаслар тек ғана жеке абаданлыққа ерисип қоймастан, ал аймақ ҳәм мәмлекеттиң раўажланыўына да сезилерли үлес қосады.

Мәжилис шеңберинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Регистратор офисиниң баслығы С.Мырзатаевтың басшылығындағы университеттиң жуўапкер ўәкиллери район бойынша бир қатар кәрхана ҳәм шөлкемлерде болып, жоқары оқыў орны питкериўшилериниң реал жумысқа жайласыў көрсеткишлери, олардың мийнет шараятлары, өндирис процесслериндеги қатнасы ҳәм кәсипке бейимлесиў жағдайлары менен танысты. Сапар даўамында жумыс бериўшилер менен ушырасыўлар өткерилип, ҳәзирги мүтәжликлер, талап етилип атырған қәнигеликлер ҳәм келешектеги бирге ислесиў бағдарлары додаланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги