Спортшыларымыздың жаңа жеңислери

Саудия Арабстанының пайтахты Ар-Рияд қаласында VI Ислам тилеклеслиги ойынлары кеше Өзбекстан сайланды командасы ағзалары ушын оғада табыслы келди.
Атап айтқанда, мәмлекетимиз спортшылары кешеги өткерилген жарыслар жуўмағында, 3 алтын, 4 гүмис ҳәм 4 қола медальды қолға киргизиўге миясар болды.
Қуўанышлы тәрепи сонда, қылышласыў спорты бойынша Өзбекстан сайланды командасы қурамында сабля бойынша командалық беллесиўлерге түскен қызларымыз Зайнаб Дайыбекова, Гүлистан Пердебаева, ерлер командасы ағзалары Муса Аймуратов ҳәм Ислам Абдазовлар мәмлекетимиз спорт делегациясы есабына 2 гүмис медальды қосып қойыўға еристи. Солай етип, бүгинги күнге шекем мәмлекетимиз спортшылары бул жарыста 29 алтын, 34 гүмис ҳәм 30 қола медальды қолға киргизип, улыўма командалық есапта Түркиядан соң екинши орынды ийелеп келмекте.

Ал, 3-орынды болса, иранлы спортшылар 25 алтын, 19 гүмис ҳәм 30 қола медалы менен ийелеп тур.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы