Коррупцияға қарсы гүресиў – айдын келешегимиз тийкары

70

Қарақалпақстан Республикасы «Педагогикалық шеберлик орайы»нда “Коррупцияға қарсы гүресиў – айдын келешегимиздиң тийкары” атамасында ашық пикирлесиў ҳәм ашық есиклер күни өткерилди.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң бас мәсләҳәтшиси М.Хожахмедова, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының орынбасары Ш.Төрешова, орайдың кафедра баслықлары, профессор-оқытыўшылар ҳәм тыңлаўшылар, «Адолат» СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ағзалары қатнасты.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы “Педагогикалық шеберлик орайы”ның “Социаллық-экономикалық пәнлер методикасы” кафедрасының аға оқытыўшысы Адилбай Шыразов алып барды. Ушырасыўда атап өтилгениндей, ҳәр қандай раўажланыўдың тамырына балта уратуғын иллетлерден бири коррупция болып есапланады. Мәмлекетимизде бундай иллетлерге қарсы гүресиў, олардың алдын алыў мәселесине айрықша итибар қаратылып, бул бағдардағы нызамшылық базасы да жетилистирилмекте.

Усы тийкарда пуқаралардың жуўапкершилиги де арттырылмақта. Атап айтқанда, усы жылдың 5-март күни Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңесиниң мәжилисинде қатнасып, “Коррупция – реформалар жолындағы ең үлкен тосқынлық” екенин атап өткен еди.

Илажда дәмегөйлик, пара алыў ҳәм бериў, белгили бир саўға есесине адамлардың ҳуқықлары менен мәплерине қайшы ҳәрекет етиў әмелдеги нызамшылық тийкарында қадаған етилетуғыны, егер, усындай жағдайлар анықланатуғын болса, жынайый жуўапкершиликке тийкар болатуғыны анық мысаллар менен атап өтилди. Ушырасыўда тараўларда коррупциялық жағдайларға қарсы гүресиў бағдарында әмелге асырылып атырған ҳуқықый-оператив илажлардан таярланған видеоролик қатнасыўшылар итибарына усынылды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы