Орайлық Азия мәмлекетлери дипломларды өз-ара тән алыў ҳаққында келисип алды
71

Орайлық Азия мәмлекетлери жоқары билимлендириў ҳүжжетлерин өз-ара тән алыў ҳаққында келисимге еристи. Бул Қазақстан ҳүкимети тәрепинен тийисли Келисим жойбары мақулланғанынан соң мәлим болды.
Ҳүжжетке бола, тәреплер миллий нызамшылыққа муўапық аккредитациядан өткен университетлер тәрепинен берилген дипломларды тән алады.
Дипломларды тән алыў ҳүжжетлерде көрсетилген қәнигеликлер жоқары билимлендириў системасының улыўма талапларына жуўап берген жағдайда мүмкин болады. Тән алыў тек ғана жоқары билимлендириў системасының талапларында үлкен муўапық емесликлер анықланған жағдайда ғана бийкар етилиўи мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги