Индустриаллық секириў: Өзбекстанның шийки заттан технология экспортына өтиў процеси жедел бармақта

Биз биреўден таяр технологияны сатып алып ямаса оны басқаларға және сатып жүретуғын болсақ ҳеш қашан күтилгениндей раўажланбаймыз. Егер оны өзимиз ислеп шығара басласақ дәраматымыз да жоқары болады, дүньяда бизди ҳүрмет ететуғынлар да көбейеди. Ҳәзир бул бағдарда қайсы жолдамыз?
Кәсибимиздиң талабы менен Яшнабад районындағы электротехника технопаркинде бир неше мәрте болғанман. Ол жерде ислеп шығарылып атырған кең түрдеги жоқары технологиялық өнимлер, соның ишинде, халықаралық дәрежедеги бренд компаниялар технологиясы тийкарында таярланып атырған техника үлгилерин көрдик.

Сөзимиздиң басындағы пикирлер де усы технопаркте ислеп атырған жас қәнигелер менен сәўбетимиз процесинде туўылған еди.
Бир қарағанда бул пикирлер әпиўайы турмыслық бақлаў тийкарында туўылған сыяқлы көринеди. Бирақ бул көринис артында пүткил мәмлекет экономикасындағы үлкен өзгерислер сәўлеленеди. Жаңа санаат басқышы, жүзлеген завод ҳәм мыңлаған жумыс орынлары ашылмақта. Электротехника санаатының раўажланыўы бул сапалы өним, жоқары экспорт көрсеткиши дегени. Бул және жаңа қәнигелер әўлады, жаңа өндирис мәденияты, жаңа базарлар ҳәм жаңа имканиятлар дегени.

Әлбетте, Өзбекстанда әмелге асырылып атырған санаат сиясаты бүгин жаңа басқышқа кирди. Мәмлекет өз тарийхында биринши мәрте шийки затқа емес, жоқары технологиялы өнимлерге таянатуғын турақлы экономикалық модельге қәдем қоймақта. Бул процесстиң ең әҳмийетли тармақларынан бири электротехника санааты есапланады. Бүгинги күнде ол тек ғана өндирис көлеми емес, ал экспорт, инвестиция ҳәм технологиялық раўажланыў дәрежеси бойынша мәмлекет экономикасының локомотивине айланып бармақта.
Қурылмалар, комплектлеўши бөлеклер, электр үскенелери, электроника, автоматика қуралларының барлығы дүнья базарында ең жоқары талапқа ийе өнимлер болып есапланады. Бул өнимлердеги қосымша қун дәрежеси 5-10 есеге шекем жоқары болады. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан да мине усы беккем шынжырға қосылып, өз санаатында машқалаларды емес, ал имканиятларды көрип атырған мәмлекетке айланбақта.

Буны санлар да тастыйықлайды. Усы жылдың тоғыз айы даўамында электротехника санаатында өндирис көлеми 16,3 процентке артып, 34 триллион сумға жетти. Бул тармақтағы түп бурылыс болып есапланады. Процесс завод ҳәм фабрикалардың иске қосылыўы, жаңа өним түрлериниң өзлестирилиўи, ең әҳмийетлиси, базарда бәсекиге шыдамлы миллий брендлердиң пайда болыўынан дерек береди. Экспорт та жоқары пәтлерде өспекте. 970 миллион долларлық сыртқы базар жумысы бул тараўдың экспорт потенциалы жоқары екенин көрсетеди.

– Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев 8-октябрь күни электротехника санаатын буннан былай да раўажландырыў ҳәм экспорт потенциалын арттырыў бойынша презентация менен танысқан еди, – дейди “Ўзэлтехсаноат” ассоциациясының баслығы Мирзиёд Юнусов, – Президентимиз барлық тараўларда бәсеки күшейип атырған бир дәўирде, дүнья экономикасында өзгерислер бақланып атырған шараятта бул тараўды раўажландырыў бойынша анық тапсырмалар берди. Ерисилген жетискенликлер еле тийкарғы басқыштың басланыўы екенин жақсы аңлап турмыз. Тармақтағы ең үлкен имканиятлар терең қайта ислеў, жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў, электроника ҳәм ярым өткизгишлер тараўына кирип барыў сыяқлы бағдарларда айқын көринеди.
Бүгин мыстың экспорт көлеми үлкен болса да, оның тек ғана 60 проценти қосымша қунға ийе таяр өнимлер көринисинде сатылмақта. Демек, тармақта жүзлеген миллион долларлық қосымша потенциал еле ашылмаған ҳалда турыпты.
Усы мақсетте мәмлекетте бир қатар қоллап-қуўатлаў механизмлери енгизилмекте. Жергиликли ислеп шығарыўшылар ушын салық ҳәм бажыхана жеңилликлери, кредит процентлериниң бир бөлеги мәмлекет тәрепинен қапланыўы, мысты сатып алыўда шегирмелер берилиўи итибарға ылайық. Бул тармаққа жаңа қуўат, жаңа имканият, жаңа базар есиклерин ашпақта. Енди ислеп шығарыўшы кәрхана тек ғана шийки зат сатып емес, ал жоқары технологиялы өним ислеп шығарып атырған мәмлекет пенен бәсекиге кириспекте.
Елимиздеги санаат платформалары есапланған технопарклер бул процессте айрықша орын ийелейди. Аймақлардағы арнаўлы электротехника технопарклери өндирис, изертлеў ҳәм тәжирийбе сынақларын бир жерде бирлестиреди. Инновациялық экосистема жаратпақта. Бул жерде ҳәзирше орта дәрежедеги өнимлер ислеп шығарылып атырған болса да, кейинги басқышта серверлер, санаат робототехникасы, кондиционерлер, қуяш панельлери, қадағалаў-өлшеў үскенелери, смарт-карталар ҳәм басқа да жоқары технологиялы товарларды ислеп шығарыў режелестирилген. Улыўма алғанда, бул бағдардағы 157 ири жойбардың баҳасы 2,1 миллиард долларға тең болып, олар арқалы 14,5 мың жаңа жумыс орны жаратылады.
Жәҳән тәжирийбесине нәзер тасласақ, раўажланған мәмлекетлер электротехника санааты арқалы экономикалық әжайыбатқа ерискенин көремиз. Қубла Корея өз раўажланыўын әйне усы тармақтан баслаған. Малайзияда электротехника ҳәм электроника санааты бир неше жүз мыңлап жумыс орнын жаратқан. Түркия электр турмыслық техника бойынша Европадағы жетекши тәмийнатшылардан бирине айланған. Олардың улыўма өзгешелиги шийки зат емес, жоқары технологияларға тийкарланған санаатқа сүйениў болып табылады. Өзбекстан да тап усы жолдан бармақта.
Бул процессте экспорт инфраструктурасы да айрықша әҳмийетке ийе. Өзбекстан стандартлар институтының Халықаралық электротехника комиссиясына толық ағза уйым сыпатында қабыл етилиўи миллий сертификатларымыз 53 мәмлекетте тән алыныўын тәмийинледи. Бул экспорт ушын мисли көрилмеген дәрўаза ашылғаны дегени. Сондай-ақ, өнимлеримизге Европа стандартларына сәйкес “CE” белгиси берилиўи де шөлкемлестирилмекте. Бул болса Өзбекстанда ислеп шығарылған электротехника товарларының Европаға экспорт көлемин кеминде еки есеге арттырыў имканиятын жаратады.
Бир қарағанда бул идеялар үлкен миллионлар, миллиардлар ҳаққындағы әпиўайы есаплаў сыяқлы көриниўи мүмкин. Бирақ бул санлардың ҳәр бириниң артында мыңлаған жумыс орынлары, жергиликли қәнигелердиң маманлығы артыўы, жаңа кәсиплер, жаңа технологиялар, перзентлеримиз ушын жаңа имканиятлар жатады. Электротехника санааты раўажланса, оқыўшылар инженер болыўға умтылады, Студентлер инновация менен шуғылланыўды баслайды, Исбилерменлер стартап ашады, аймақлардағы технопарклер ислейди, Экспорт сиясаты түп-тийкарынан жаңаланады. Яғный бул тармақтың тәсири тек ғана экономика емес, ал пүткил жәмийеттиң келешек потенциалын белгилейди.
Санааттың бул бағдарын раўажландырыў тек ғана бизге экономикалық өсиў берместен, ал мәмлекеттиң дүньяға интеграциясын да жеделлестиреди. Өзбекстанды Орайлық Азияның электротехника ҳәм электроника орайына айландырыў ушын барлық тийкарлар бар.
Икром АВВАЛБОЕВ,
ЎзА шарҳловчиси