Өзбекстанда хызмет көрсеткен мәденият хызметкери Мираббос Мирзааҳмедов қайтыс болыўы мүнәсибети менен кеўил билдириў

316

Миллий мәдениятымыз ҳәм көркем өнеримиздиң белгили ғайраткери, белгили режиссёр ҳәм телебаслаўшы, Өзбекстанда хызмет көрсеткен мәденият хызметкери Мираббос Абдулҳақович Мирзааҳмедов быйыл 19-ноябрь күни 84 жасында қайтыс болды.

М.Мирзааҳмедов 1941-жылы 30-сентябрьде Ташкент қаласында зиялы шаңарағында туўылды. Орта мектепти тамамлағаннан соң Ташкент театр ҳәм художниклер институты (ҳәзирги Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты) нда кино ҳәм театр көркем өнери актёры қәнигелиги бойынша билим алды.

Мийнет жолын Өзбекстан телерадиокомпаниясында режиссёр жәрдемшиси сыпатында баслаған талантлы көркем өнер ғайраткери 60 жылдан аслам ўақыт даўамында “Ёшлар” редакциясының режиссёри, бас режиссёри, “Ўзбекистон” телеканалының жоқары категориялы режиссёри, “Оталар сўзи – ақлнинг кўзи” көрсетиўиниң режиссёри ҳәм баслаўшысы сыяқлы лаўазымларда нәтийжели хызмет етти. Оның тиккелей басшылығында әҳмийетли тема ҳәм жанрларда таярланған еситтириў ҳәм көрсетиўлер, көркем видеофильмлер миллий руўхы, терең мазмуны, халықшыллығы менен миллионлаған ықласбентлердиң кеўлинен орын алды. Әсиресе, устаз режиссёр тәрепинен сүўретке алынған “Бәҳәр қайтпайды,” “Излеймен,” “Қәлбиңе қулақ сал,” “Баҳс,” “Үш тамыр,” “Дүньяның ислери” сыяқлы шығармалар өз дәўириниң жарқын телефильмлери сыпатында мәдениятымыз ғәзийнесинен мүнәсип орын ийеледи.

М.Мирзааҳмедов өзиниң нураний ҳәм данышпан келбети, көп жыллық билим ҳәм тәжирийбеси менен орайлық телеканалларымыз арқалы 40 жылдан берли көрсетилип киятырған “Аталар сөзи – ақылдың көзи” көрсетиўине жаңаша руўх ҳәм мазмун алып кирди ҳәм усы бағдарлама арқалы жәмийетимиз турмысындағы социаллық-руўхый машқалаларға жәмийетшиликтиң итибарын қаратыў, ел-халқымыз, әсиресе, жаслар арасында шаңарақ ҳәм Ўатанға муҳаббат, әдеп-икрамлылық, мийрим-шәпәәт идеяларын үгит-нәсиятлаўға үлкен үлес қосты.

Пүткил өмир бойы бәрқулла изленип, халқымызға шын кеўилден хызмет етип келген мийнеткеш дөретиўши өзине тән шеберлик ҳәм тәжирийбе мектебин жаратып, көплеген жасларға устазлық етти.

М.Мирзааҳмедовтың мәмлекетимиз мәденияты ҳәм көркем өнерин раўажландырыў жолындағы хызметлери мәмлекетимиз тәрепинен мүнәсип сыйлықланды. Ол “Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери” ҳүрметли атағы, “Меҳнат шуҳрати” ҳәм “Дўстлик” орденлери менен сыйлықланды.

Белгили көркем өнер ғайраткери, ҳақ кеўил ҳәм кишипейил инсан, жаслардың меҳрийбан устазы Мираббос Мирзааҳмедовтың естелиги кеўиллеримизде мәңги сақланып қалады.

 

 Ш.Мирзиёев, Т.Норбоева, Н.Исмоилов, 

А.Арипов, С.Турдиев