Өзбекстан – Саудия Арабстаны: прокуратура уйымларының бирге ислесиўи күшейтиледи

Саудия Арабстаны Бас прокуроры Шайх Сауд Абдуллоҳ Ал Муажиб Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры Ниғматилла Йўлдошев басшылығындағы делегацияны қабыллады.
Ар-Риадта болып өткен ушырасыўда тәжирийбе алмасыў, прокуратура жумысын раўажландырыў ҳәм еки тәреплеме бирге ислесиў шеңберинде биргеликтеги илажлар шөлкемлестириўге қаратылған бирге ислесиў бағдарламасына қол қойылды.
Бас прокуратура мәлимлеме хызметиниң мәлим етиўинше, ушырасыўда Саудия Арабстаны прокуратурасы өзиниң алдыңғы әмелиятлары бойынша толық презентация өткерген.
Соның ишинде, жынаят ислерин жүргизиў механизмлерин жетилистириў, хызметлерди санластырыў, прокуратура жумысының нәтийжелилигин ҳәм сапасын арттырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар сәўлелендирилди.
Норгул АБДУРАИМОВА, ӨзА