Халқымыз исенимин ақлаған Ақтеңге

39

Саудия Арабстанында өткерилип атырған VI Ислам тилеклеслиги ойынларының он екинши күни де Өзбекстан спорт делегациясы ушын табыслы келип, спортшыларымыз тәрепинен 1 алтын, 2 гүмис ҳәм 1 қола медалы қолға киргизилди.

Әсиресе, олар арасында ҳаял-қызлар гүреси бойынша мәмлекетимиз сайланды командасының ағзасы Ақтеңге Кеўнимжаева 50 кг салмақ категориясында барлық қарсыласларын жеңип шығып, алтын медаль ийесине айланғаны, барлық спорт жанкүйерлерин қуўанышқа бөледи.

Жарыстың дәслепки басқышында алжирли Чебила Чейманы 6:1, екинши басқышта тунисли Чаҳзаред Аячи ҳәм ярым финалда әзербайжанлы Элнура Маммадовани 10:0 есабында жеңип шыққан Ақтеңге чемпионлық ушын беллесиўде нигериялы Меисиннеи Женезис пенен кескин гүрес жүргизди.

Қызықлы өткен беллесиўдиң биринши партиясында өзиниң белсендилигин көрсеткен жерлесимиз 1:0 есабында жеңген болса, екинши бөлимде нигериялы палўан кескин ҳүжимлерге өтип, 1 упай алыўға еристи.

Әлбетте, бул упай арқалы ол финал беллесиўин өзиниң пайдасына шешиўи мүмкин еди. Буны жақсы түсинген Ақтеңге беллесиў жуўмақланыўына 1 минут қалғанында Меисиннеи Женезиске қарсы кескин усыллар қолланып, оны жығыўға еристи ҳәм 4 упайды қолға киргизди.

Буннан кейин нигериялы палўан да тағы да упай алыў ушын ҳүжимге өтти. Бирақ, ҳаял-қызлар гүреси бойынша елимиз мақтанышы болған Ақтеңге Кеўнимжаева қарсыласына имканият бермеди ҳәм  VI Ислам тилеклеслиги ойынларының чемпионына айланды.

Сондай-ақ, усы күнги жарыста белгили сабляшы Муса Айтмуратов та беллесиўлерге кирисип, дәслепки басқышта иранлы Муҳаммад Фирузабадке жеңилип қалды.

Жарыстың он екинши күнги беллесиўлеринен соң мәмлекетимиз спорт делегациясы 26 алтын, 30 гүмис ҳәм 26 қола медальды қолға киргизип, улыўма командалық есапта Түркиядан соң екинши орынды ийелеп келмекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы