ДСМ медициналық хызметлер көрсетилиўин “сырли қарыйдар” усылында үйренип көрмекши

Усы жыл 4-ноябрьде Денсаўлықты сақлаў министриниң “Денсаўлықты сақлаў тараўында “сырлы қарыйдар” институтын енгизиў ҳаққында”ғы буйрығы қабыл етилген. Сондай-ақ, “сырлы қарыйдар” тәрепинен мониторинг өткериўдиң анық мақсетлери, параметрлери, объектлери ҳәм нормаларын қамтып алған Реже де тастыйықланған.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, бул түрдеги мониторинг Денсаўлықты сақлаў министрлиги орайлық аппаратының структуралық бөлимлери (зәрүрликке қарап оның уйымлары, шөлкемлери ҳәм мәкемелери) тәрепинен шөлкемлестириледи.
Илаж процесинде ҳуқықбузарлықларды ҳәмде ўәкилликтен пайдаланыўға шақырыўшы усылларды қолланыў қадаған етиледи.
Бул илаж ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалардың әмелге асырылыўы, денсаўлықты сақлаў структуралары ҳәм олардың хызметкерлери тәрепинен медициналық хызметлерди көрсетиўде нызамшылық талабына әмел етилиўи, хызметкерлердиң шеберлиги ҳәм оперативлиги және олардың халық пенен сөйлесиў этикети дәрежесин баҳалаў имканиятын береди.
Мағлыўматларды топлаў ушын ҳақықый қарыйдар көринисиндеги “сырлы қарыйдар” дан пайдаланылады.
“Сырлы қарыйдар” үйрениўлери тек ғана мәкемеге барған ҳалда емес, ал телефон қоңыраўы, электрон почта мүрәжаты ҳәм басқа усыллар арқалы да әмелге асырылыўы мүмкин.
Үйрениў нәтийжелери тийисли түрде рәсмийлестириледи ҳәм анықланған нызамбузыўшылықлар бойынша акт ол усынылған күннен баслап бес жумыс күни даўамында Әдеп-икрамлылық комиссиясы тәрепинен көрип шығылады. Егер ҳуқықбузарлық жағдайы бар болса, айыпкер хызметкердиң жуўапкершилик мәселеси көрип шығылады, егер жынаят белгилери анықланса, материалларды ҳуқық қорғаў уйымларына жибериў ҳаққында қарар қабыл етиледи.
Министрлик, өз гезегинде, пуқаралардан медицина мәкемелеринде коррупцияға байланыслы жағдайларға дус келсе, “1203” қысқа номерине ямаса t.me/ssvantikor_bot телеграм ботына мүрәжат етиўди сорамақта. Мүрәжат етиўшиниң шахсы сыр сақланыўы кепилленеди, – деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги