Денов ҳәм Чироқчи районлары ҳәкимлери жумыстан алынатуғыны белгиленди

Мәмлекетимиз басшысы Узун районын үлгили аймақлардан бири сыпатында атап өтти. 51 мәҳәллеси болған районға быйыл кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик бағдарламалары шеңберинде 160 миллиард сум қаржы берилген.
Районға 70 миллион доллар сырт ел инвестициясы алып келинди, 47 кәрхана иске қосылды, 300 сервис объектинде 1 мың адам жумыслы болды, 9 мәҳәлле жүзимгершиликке қәнигелестирилип, исбилермен менен халық арасында кооперация жолға қойылды, 2 мыңнан аслам микро жойбарда 4 мың 200 адам дәраматлы болды.
Усылардың есабынан Узун районында жылдың басынан кәмбағаллық дәрежеси 10,5 проценттен 3 процентке азайды.
Соның менен бирге, Узун районына салыстырғанда 4,5 есе көп қаржы алған Денов районы ҳәкимлиги жумысларды өз ҳалына таслап қойғаны көрсетип өтилди. Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргенинен берли 1200 шаңарақтың дәраматында өзгерис болмаған.
Ямаса Чироқчи районына усы жылы мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў ушын кредитке 309 миллиард сум ресурс берилген. Бирақ район ҳәкимлиги сонша ресурсы менен де адамларға имканиятына жараса таяр жойбар бермеген.
Сол себепли, Денов районы ҳәкими И.Аброров, оның биринши орынбасары Ш.Тўрақулов, Шырақшы районы ҳәкими Ф.Юсупов, оның биринши орынбасары З.Эргашев жумыстан босатылыўы белгиленди.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.
ӨзА