Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси басланды

Күн тәртибинде – мәҳәллелерде халықтың дәраматын арттырыў, кәмбағаллық ҳәм жумыссызлықты қысқартыў бойынша исленген жумыслар ҳәм 2026-жылғы ўазыйпалар.
Мәмлекетимиз басшысы бул бағдарда барлық зәрүр финанслық ҳәм шөлкемлестириў мәселелери шешип берилгенин атап өтти.
Соның ишинде, төменде жумысларды дурыс шөлкемлестириў, мәҳәллеме-мәҳәлле жүрип, жаңа басламаларды таўып, адамлардың турмысын жақсылаўға жуўапкер болған ўәлаят, район ҳәкимлери ҳәм олардың хызметкерлериниң материаллық-техникалық имканиятлары түп-тийкарынан жақсыланды.
– Енди министрлер, ҳәкимлер, басшылар өзине сораў берсин: сонша жаратылған шараяттан, имканияттан қай дәрежеде пайдаланып атыр? Не нәтийже берип атыр? Реформаларымыз нәтийжеси ҳәр бир шаңараққа, ҳәр бир үйге кирип бармақта ма? Адамлар буны қалай сезинбекте?
Бундай сораўлар көп. Барлық басшылар таяр турсын. Жыл жуўмақланып атыр, бүгин нәтийжелерди таллап, айырымларына жуўмақ шығараман, – деди Президентимиз.
ӨзА